❗️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Бийбихан Утамбетова:
✅ Ықшамластырыў деген нәрсе той берип атырған шаңараққа үлкен жәрдем!
Халқымыздың той-мерекелери ҳәм шаңарақлық бәзимлерин ықшамластырып өткериў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Бийбихан Утамбетова «Таллы өзек» мәҳәллеси көше бийлери ҳәм көше басы ҳаяллары менен шөлкемлестирген ушырасыўында атап өтти.
Ушырасыў даўамында ол халқымыздың миллий қәдириятларын ҳүрмет еткен ҳалда тойларды әпиўайы ҳәм артықша шығымларсыз өткериўдиң әҳмйиетине тоқталды.
Сондай-ақ, ушырасыўда тойлар ҳәм шаңарақлық илажлар турмысымыздың ажыралмас бөлеги екенлиги, бирақ булардың ҳәдден тысқары дәбдебели өтиўи халық экономикасының турақлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мумкинлиги, сонлықтан артықша шығымлардан кешип, әпиўайы ҳәм ықшам тойларды өткериў ҳәмме ушын пайдалы екенлиги айтылды.
Депутат Бийбихан Утамбетова басламасы менен тойларымызды еле де ықшамластырыў бойынша көтерген усыныслары көше бийлери ҳәм көше басы ҳаяллары тәрепинен мақулланып, артықша ысырапгершиликтиң алдын алыўда ҳәммеси бирге үлес қосыўға шешим етти.
Толық төмендеги силтеме арқалы тамашалайсыз👇👇👇
https://youtube.com/watch?v=0j8gDTV-K5Y&si=wb5yFiK41iUMuULT
📍Информация бағдары @KarPressa