KarPressa


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


📍 KarPressa –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ҳәм мүрәжәт ушын: @Jasurbekallashov

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


2025-жыл ушын жер салығы ставкаларын өз алдына сайт арқалы көриў имканияты жаратылды

Оны https://soliq.uz/taxation/land-property-tax дан билип алыўыңыз мүмкин. Ўәлаят (қала) ны танлаң, район атын, жыл ҳәм юридикалық яки физикалық шахс ҳәм аймақлар бойынша салық ставкалары + қолланылған коэффициент = анық ставка көринип туради.

📍Информация бағдары @KarPressa


Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери рәсмий емес ушырасыў өткерди

25-январь күни Қырғызстан Президенти Садир Жапаров Ташкент ўәлаятындағы "Амирсой" курорт комплексинде Шавкат Мирзиёев пенен ушырасты.

Тәреплер еки тәреплеме байланыслар, регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық сиясат мәселелерин додалады. Қырғызстан басшысы курорт инфраструктурасын жоқары баҳалады.

Жетекшилер тәбийғый ресурслардан келип шығып, биргеликтеги курорт-рекреация жойбарларын әмелге асырыўға келисип алды.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️️ Өзбекстанда ҳәмелдарлардың жынаят ислеў жағдайлары артпақта

Бас прокуратура мағлыўматларына бола, 2024-жылы 4 906 лаўазымлы шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған. Бул көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда сезилерли дәрежеде жоқары (3 575 адам).

Көрсетилген жынаят ислери саны:
🔺2023-жылы - 3 412 дана;
🔺2024-жылы - 3 821 дана.

💸 Коррупция менен айыпланған Республикалық дәрежедеги ҳәмелдарлар саны - 71 адам.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Нөкис қаласындағы жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Салаўат Қаллибековтың мәлим етиўинше, Нөкис қаласында 1987-жылы туўылған С.Т. ҳәм 1988-жылы туўылған К.Қ. арасында жол таласыў себепли жәнжел келип шыққан.

Тийисли уйымлар тәрепинен шахслар анықланып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы тийкарында ҳүжжетлер рәсмийлестирилген. Ис судқа жиберилип, ҳәр еки шахсқа 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

📍Информация бағдары @KarPressa

6k 0 19 11 17

Жумыс бериўшиниң айыбы себепли майып болған хызметкерлерди реабилитациялаў тәртиби

Жумыс бериўшиниң айыбы менен мийнетте майып болған ямаса кәсиплик кеселликке шалынған майыплығы болған шахслар медициналық көрсетпелерге бола жумыс бериўшиниң (шөлкемниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан) қаржылары есабынан реабилитациялаўдың техникалық ҳәм арнаўлы транспорт қураллары менен тәмийинлениўи белгиленген.

📍Информация бағдары @KarPressa


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

КРЕДИТ!!!
ТЕЗ АҢСАТ ҚОЛАЙ

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз
📅 6 айдан 3-жыл мүддетке.

(ЗАЛОГҚА)ТУРАК ЖАЙ ХӘМДЕ АВТОТРАНСПОРТ

🪙 ГИРЕУ ТИКАРЫНда кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты ҳәмде Турар Жайды НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

Телеграмм канал https://t.me/pulmakon_mmt

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Қоңырат р-ны
+998906504945

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

*Реклама


❗️️Оқыўшылардың ҳуқықбузарлығы ушын Миллий гвардияға ўәкиллик берилмекте

25-январь күни Сенат жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профильактикасына байланыслы нызамды мақуллады. Оған бола, енди:

▪️Балаларды тәрбиялаў миннетлемелерин орынламаў;

▪️Жәмийетлик орынларда сигарет шегиў ямаса алкоголь пайдаланыў;

▪️Жас өспиримлерди жәмийетлик емес ҳәрекетлерге тартыў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар ушын Миллий гвардия уйымлары жаза қолланыў ўәкиллигине ийе болады.


Нызам президенттиң қол қойыўынан кейин күшке киреди.

📍Информация бағдары @KarPressa

5.8k 0 21 15 13

❗️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Бийбихан Утамбетова:

Ықшамластырыў деген нәрсе той берип атырған шаңараққа үлкен жәрдем!

Халқымыздың той-мерекелери ҳәм шаңарақлық бәзимлерин ықшамластырып өткериў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Бийбихан Утамбетова «Таллы өзек» мәҳәллеси көше бийлери ҳәм көше басы ҳаяллары менен шөлкемлестирген ушырасыўында атап өтти.

Ушырасыў даўамында ол халқымыздың миллий қәдириятларын ҳүрмет еткен ҳалда тойларды әпиўайы ҳәм артықша шығымларсыз өткериўдиң әҳмйиетине тоқталды.

Сондай-ақ, ушырасыўда тойлар ҳәм шаңарақлық илажлар турмысымыздың ажыралмас бөлеги екенлиги, бирақ булардың ҳәдден тысқары дәбдебели өтиўи халық экономикасының турақлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мумкинлиги, сонлықтан артықша шығымлардан кешип, әпиўайы ҳәм ықшам тойларды өткериў ҳәмме ушын пайдалы екенлиги айтылды.

Депутат Бийбихан Утамбетова басламасы менен тойларымызды еле де ықшамластырыў бойынша көтерген усыныслары көше бийлери ҳәм көше басы ҳаяллары тәрепинен мақулланып, артықша ысырапгершиликтиң алдын алыўда ҳәммеси бирге үлес қосыўға шешим етти.

Толық төмендеги силтеме арқалы тамашалайсыз👇👇👇

https://youtube.com/watch?v=0j8gDTV-K5Y&si=wb5yFiK41iUMuULT

📍Информация бағдары @KarPressa

8.9k 0 57 32 52

Қарақалпақстанда алдаўшы усланды

Қарақалпақстан Республикасында жер майданларын алып бериўди ўәде еткен шахс усланды. Тахтакөпир районында пуқара С.П. қәлбеки ҳүжжетлер арқалы Нөкис қаласындағы 3,6 сотих жер участкасын 170 млн сумға сатыўға келисип, пулларды алдаўшылық жолы менен алған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық), 28-статьясы (алдаўшылыққа қосылыў) ҳәм 211-статьясы (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылған, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Мийнет кодексине киргизилген жаңа өзгерислер

Өзбекстанның Мийнет кодексине әҳмийетли қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди, бул болса жумысшы-хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер ушын жеңилликлер береди.

1. Электрон мийнет шәртнамасы: Енди барлық мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде электрон тәризде рәсмийлестириледи. Бул өзгерис жумысқа кириўде ҳәм шәртнамаларды қайта көрип шығыўда процесслерди әпиўайыластырады.

2. Мийнет ҳақысы сақланбайтуғын дем алыс ҳәм орташа мийнет ҳақысы: Мийнет ҳақысы сақланбайтуғын дем алыс даўамлылығы ҳәм хызметкердиң орташа мийнет ҳақысын есаплаў тәртиплери жаңаланады. Бул өзгерислер мийнет ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин анық белгилеўге жәрдем береди.

3. Ҳәмиледар ямаса перзенти бар хызметкерлерди жумыстан босатыўға қадаған:
Хызметкердиң ҳәмиледарлығы ямаса перзенти болғаны себепли оларды жумыстан босатыўға енди қатаң қадаған орнатылады. Бул жумысшылардың социаллық қорғалыўын күшейтеди.

4. Кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлери: "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамға муўапық, хызметкерлер кешки ямаса сыртқы билимлендириў түринде оқыў имканиятына ийе болған билимлендириў шөлкемлери анық белгиленди.

5. Жумысқа қабыл етиўде ҳүжжетлер аңсат алынады: Енди жумысқа қабыл етиўде шахстың паспорти ямаса мийнет дәптершеси сыяқлы ҳүжжетлер талап етилмейди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер еркин түрде, мәлимлеме системалары арқалы бул мағлыўматларды алыўы мүмкин болады.

Жоқарыдағы өзгерислер Сенат тәрепинен мақулланды ҳәм олар өзиниң унамлы тәсирин көрсетиўи күтилмекте.

📍Информация бағдары @KarPressa


Өзбекстанда жаңа "Дамас" ислеп шығарыла басланды!

Сырдәрядағы "Asaka Motors" заводында Қытай менен биргеликте "WULING N111" автомобильи ислеп шығарылмақта. Ол өзиниң көриниси ҳәм имканиятлары менен "Дамас"қа уқсас, бирақ бираз заманагөй.

7 адам сыяды
– 1,2 литрли двигатель (82 ат күш)
– 100 км ге 6,3 литр жанылғы сарплайды


💵 Баҳасы: 126 млн сум әтирапында болады.

📍Информация бағдары @KarPressa

11.9k 2 201 69 37

📈 Өзбекстанда орташа айлық, мийнет, ҳақы ҳаққында мағлыўмат

2024-жылы Өзбекстан бойынша орташа айлық мийнет ҳақысы бес миллион үш жүз елиў жети мың еки жүз сумды қурады. Бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда 16,6 процентке артқан.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Орташа айлық, мийнет ҳақысы төрт миллион үш жүз он жети мың үш жүз сумды қурап, бул өткен жылға (2023 ж) салыстырғанда 14,1 процентке өскен. Аймақлар кесиминде бул көрсеткиш орташа дәрежеде болса да, турақлы өсиў бақланбақта.

Өзбекстан бойынша ең жоқары орташа мийнет ҳақысы Ташкент қаласында бақланып, тоғыз миллион жетпис еки мың төрт жүз сумды қурады (21,4 процентке өсиў).

Экономикалық тараўлар кесиминде:
Банк, қамсызландырыў ҳәм лизинг тараўларында ең жоқары мийнет ҳақысы белгиленген болып, 2024-жылы он бес миллион еки жүз алпыс үш мың жети жүз сумға жетти.

📍Информация бағдары @KarPressa

8.3k 0 19 28 34

⚡️⚡️ ️Банк хызметкериниң алдаўшылығы бойынша материал таярлаған журналистке қарсы ҳәкимшилик иси қозғатылды

Журналистикалық сорастырыў процесинде банк хызметкериниң пуқаралардың атына кредит рәсмийлестирип, пулларды өзлестирип алғанын ашып берген "MY5" телеканалының хабаршысы Рухсора Ғафуроваға қарсы ҳәкимшилик иси ашылды.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
⚡️Оқыўшылар мектеплерде неше градус температурада оқыўы керек?

📍Информация бағдары @KarPressa

9.3k 0 47 13 11

Нөкисте жәнжел шығарған еки "төбелескиш"лерге 15 сутка қамақ жазасы таяынланды

Нөкис қаласында С.Т. ҳәм Қ.Қ. атлы пуқаралар жол ортасында урысып, төбелесип, жәмийет тәртибин бузған. Суд қарарына бола, ҳәр еки шахсқа 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

📍Информация бағдары @KarPressa

9k 1 46 50 40

️⚠️ Дыққат фейк хабарлар тарқатылмақта!

Телеграмда "Uzum Market" жумысқа қабыллап, күнине 2 400 000 сум табыў мүмкин екенлиги ҳаққындағы хабарлар жалған. Бундай дағазалар алдаўшылық болып есапланады!

❗️Ядта сақлаң: Алдаўшылар сизиң қаржыларыңызды өзлестириўди мақсет етеди.

⚠️ Егер усындай жағдайға дус келсеңиз, дәрҳал 102 яки 1102 номерлерине мүрәжәәт етиң.

📍Информация бағдары @KarPressa


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

КРЕДИТ!!!
ТЕЗ АҢСАТ ҚОЛАЙ

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз
📅 6 айдан 3-жыл мүддетке.

(ЗАЛОГҚА)ТУРАК ЖАЙ ХӘМДЕ АВТОТРАНСПОРТ

🪙 ГИРЕУ ТИКАРЫНда кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты ҳәмде Турар Жайды НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

Телеграмм канал https://t.me/pulmakon_mmt

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Қоңырат р-ны
+998906504945

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

*Реклама


Rankings TOP-1000_2025.pdf
1.3Mb
Өзбекстанда имтихан сынақларысыз дипломлары тиккелей тән алынатуғын ТОП-1000 ге кирген ЖООлардың дизими тастыйықланды

Бул дизим 2025-жыл ушын жәрияланған болып, ҳәр жылы жаңаланады.

📍Информация бағдары @KarPressa


Табыслы күнди қалай баслаў керек?

Азанғы ўақыт – күнинизди белгилейтуғын ең әҳмийетли момент. Төмендеги үш әпиўайы әдетти күнделикли турмысыңызға киргизсеңиз, табыслы күн ушын тийкар жаратқан боласыз:

1. Азанғы режени дүзиң: 3 тийкарғы ўазыйпаны анықлап, оларды орынлаў тәртибин белгилең.

2. 5-10 минут физкультура ислең: Бул тек денениңизге энергия бермей, ал кейпиятыңызды көтереди.

3. Телефонди бир шетке қойып, тыныш өзиңиз бенен қалың: Бул сана-сезимди тазалаўға ҳәм күнди унамлы кейпиятта баслаўға жәрдем береди.


Бул әпиўайы әдетлерди өзлестирсениз, күниниз өнимли ҳәм мазмунлы болады!

📍Информация бағдары @KarPressa


Мәмлекетимизде халыққа рәсмий жумыс орны болмаса да, дәраматын декларация тийкарында есапқа алып, ипотека кредити алыўы ушын имканият жаратылған.

Бирақ ҳәзир сырт елге жумыс ислеўге кеткенлерге "Өзбекстанда рәсмий дәраматы жоқ" деген себеп пенен кредит ҳәм субсидия берилмей атыр.

Жуўапкерлерге сырт елде мийнет етип атырған ҳәм алты ай ишинде турақлы пул өткерип киятырған пуқараларымыздың дәраматын есапқа алатуғын система жаратыў тапсырылды.

📍Информация бағдары @KarPressa

20 last posts shown.