Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм театрлар менен қоспа Меморандумның дүзилиўиндеги бас мақсети етип : мектеп оқыўшыларын Ўатанға деген патриотизм руўхын күщейтиў, шаңарақта ата - ана, мектепте мүғәллимлер менен жаслардың қарым - қатнасын, сый - ҳүрметин беккемлеў, жәмийетимизге жат болған иллетлерден асыраў, олардың алдын алыў бойынша үгит - нәсият жумысларын театр сахналарындағы спектакиллер арқалы тәрбиялық жумысларын алып барыў болып нсапланады.
Меморандум тийкарындағы 15 - февральда Бердақ театрында "Перзент тәшўиши" сректаклине келген оқыўшылар ҳәм олардың ата - аналары залды лыққа толтырды, ҳеш қандай мәжбүрий келген тамашагөйди көрмедим. Спектакль даўамында зеригип отырған,иләжсыз көрип отырған тамашагөй жоқ !
Буған себеп ҳәкимлик ҳәм театр басшыларының әбден ойлап, спектакльди үлкендиде, жастыда жалықтырмайтуғын спектакль мазмуны деп ойлайман. Ҳәзирги күнде жасларды 1саат 20 минут соткаларсыз отырыўына ерисиў аңсат емес, юирақ "Перзент тәшиўиши" спектакли соншелли өмирден алынған, мектеп оқыўшылары өзлери артистлер менен сахнадағы ўақыяларды өзинен өткерип, өз - ара пикир алысып отырды. Театр директорының айтыўынша бундай аншлагты көптен берли театр залы көрмеген екен. "Нөкис қаласы ҳәкими А. Данияровтың усыныс менен спектакль билетлерин 40000 сўмнан, усы Меморандум ушын, 20000 сўмнан сатылғанына ҳеш өкинбеймиз" - дейди ьеатр басшысы".
Жәнеде, айрықша атап өтерим, ҳәр бир спектакльде 60 билет кем тәмийинленген шаңарақ баласы ушын театр тәрепинен бийпул бериледи екен. Ҳәр шемби күни бир спектакльге 60 жас бийпул кирсе,бир айда 240, бир жылды 2880 жасбийпул театрға киреди дегени !
Бул Меморандум тийкарында жасларды театрға, ата - аналары менен мәдений қамтыў Өзбекстан көлеминде билмедим,бирақ Қарақалпақстан тәрийхында БИРИНШИ мәрте ! Бул иләж үлкен проектке айланып Өзбекстан бойлап "Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәжирийбеси" атамасында ең жайылыўы тәрепдарыман !
Ҳүрметли Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров !
Зор баслама, басқа ҳәкимликлер өрнек аларлық баслама !
P.s. Театр спектакльлерине барың, кеткен ўақтыңызғы, пулыңызға ҳеш қандай өкинбейсиз.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz