Әлбетте бул жаңалық нөкислилерди ҳәм Нөкис қаласы мийманларын қуўандырып атыр. Мендеги мағлыўмат бойынша, бул автобуслар қаламыздың узық аймақларына жолға қойылыўы мүмкин екен.Бул автобуслар менен бирге жолаўшыларға жаңаша хызмет көрсетиў әмелге асырылар екен, яғный автобус лыққа толғанша адам жыйнамастан,ўақыт пенен жүрер екен. Өз гезегинде, биз жолаўшылар, жәмийетлик транспортта жүриў мәдениятын сақлап: автобус ишин бүлдирмей насбай түпириў,саққыш (жвачка) орынлықларға жабыстырмаў,орынлықларға жазыў жазбаў,оларды жыртпаўыңызды сорап қалар едим.Бундай жағдайларды көрсек бийпарқ болмай, тәртипке шақырыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз деп ойлайман.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Каналға ағза болыў: @hoja_uz