Отелло синдромы
Отелло синдромы - бул патологикалық қызғаншақлық жағдайы болып, инсан шериги оған қиянет етип атырғаны ҳаққында ҳеш қандай тыянақлы дəлиллерсиз исенип қалады. Бул синдром тийкарынан руўхый кеселликлер, мысалы, параноид бузылыўлар ямаса алкоголға байланыслы психозлар фонында раўажланыўы мүмкин.
Белгилер:
-Турақлы гүмәнлар ҳəм тийкарсыз айыплаўлар
-Шериктиң ҳəрекетлерин турақлы тексериў
-Қиянетти “тастыйықлаў” ушын дəлиллерди излеў
-Ҳәрдайым бақлаўға умтылыў
-Басым ямаса зорлық көрсетиў
Бул синдром Ўилям Шекспирдиң " Отелло" трагедиясидан алынған, себеби одағы бас қаҳарман Отелло қызғаншақлық себепли өз зайыпы Дездемона жанына қас етеди.
Егер Отелло синдроми күшли дəрежеде болса, ол психик саламатлық қəнигеси жəрдемин талап етеди.
@Atamuratov