Atamuratov


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Blogs


Мақсетлерине қарай ҳәрекетленип атырған әпиўайы бир студенттиң ойлары.
*Буның ҳәммеси жеке пикир
https://instagram.com/aaatamuratov?igshid=OGQ5ZDc2ODk2ZA
Байланыс: @AAtamuratov

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Blogs
Statistics
Posts filter


Муҳаббаттағы "отпуск"

"Отпуск"-бул жумысшыларға физикалық яки руўхый дем алыў, жумыс өнимдарлығын арттырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм шаңарағы менен ўақыт өткизиў имканиятын береди. Егер инсан узақ ўақыт тәнеписсиз ислесе, шаршаў, стресс ҳәм ислеп шығарыў нәтийжелилигиниң азайыўы бақланады.

Ал муҳаббатқада "отпуск" керекпе?

Аўа, муҳаббат мүнәсебетлеринде де "отпуск" -ўақтынша тәнепислер әҳмийетли болыўы мүмкин. Бул да ҳәр қандай мийнет сыяқлы инсанның руўхый жақтан жаңаланыўы, өзин түсиниў ҳәм мүнәсебетлерди жақсырақ аңлаў ушын зәрүр болыўы мүмкин.

Бул "отпуск" неге керек?

1. Руўхый шаршаўдың алдын алыў. Узақ мүддет даўам еткен мүнәсебетлер базыда артықша стресс яки шаршаў келтирип шығарыўы мүмкин. Қысқа тәнепис болса сезим ҳәм туйғыларды жаңалаўға жәрдем береди.

2. Өз-өзин түсиниў. Базыда адам өзиниң қәлеўлерин, мүтәжликлерин ҳәм мүнәсебетте нени қәлеўин анықлаў ушын ўақыт керек болады.

3. Бир-бирин қәдирлеў. Қатнас ўақтынша токтатылғанда инсан шеригиниң өмириндеги орнын жақсырақ түсинип жетеди ҳәм оның жанында жоқлығын сезинеди.

4. Мүнәсебетлерди қайта тиклеў. Егер көп урыслар ҳәм келиспеўшиликлер келип шықса, қысқа тәнепис ҳәр еки тәрепте басылып, жағдайға обектив қараўға жәрдем береди.

5. Сезимлерин сынаў. Базыда адам өзиниң сезимлерин анықлай алмайды. Тәнепис дәўиринде сағыныш бар яки жоқлығы, муҳаббат ҳақыйқаттанда бар яки тек әдет екени белгили болады
.

Бирақ бул тәнепис дурыс қойылыўы керек:

-Алдыннан анық түсинтириў: " не ушын тәнепис алынып атыр?" ҳәм " бул тәнепис қашанға шекем даўам етеди?" деген сораўларға анық жуўап берилиўи керек;
-Бир-бирине ҳүрмет сақлаў: тәнепис ўақтында басқа адамды кемситпеў, оны алдамаў әҳмийетли;
-Арқаға қайтыў яки кетиў: тәнепис нәтийжесинде мүнәсибет жақсыланама яки тамам боладыма. Буны анықлаў керек.

Егер муҳаббат хақыйқый болса қыс тәнепислер оны бузбайды, керисинше оны және де жақсылайды.

Тәнепис- ажралыў емес. Егер тәнепис бир бәне қылынып, әсте-ақырын ажралыўға өтип кетиў режелестирилген болса, бул шерикти алдаў менен тең. Егер негизинде ажралыў керек болса буны алдыннан айтыў керек.

@Atamuratov


Узыыын бир пост жаздым-аў (чат ЖПТ менен бирге десең я😁). Таслай берейинбе, оқыйсизба еринбей:)


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
📌

@Atamuratov




Узыннан узын постлар жазылып атырса демек мен усы жердемен:)

A place to think.


Бирақ адам минези менен басқалар емес өзи шуғылланғаны жақсырақ.

Дурыс сиз басқалар қәлегендей инсан болыўыңыз, басқалардың гәпине итибар бериўиңиз шәрт емес ҳәм буған мәжбүр емессиз. Бирақ минезиңизге қарата айтылған гәплерге азырақ итибар қаратың. Минез жүдә әҳмийетли. Себеби түсиниксиз минезиңиз деп жумысыңыздан, таныcларыңыздан, досларыңыздан ҳәттеки жақын адамларыңыздан айрылып қалыўыңыз мүмкин.

Адамлар өзи сизге айтпаўы мүмкин, бирақ өзиңиз сораң. Қәтелериңизди билип алың.


Ишпейди, шекпейди дегени жақсы адам дегени емес. Адамның жақсы, жаманлығын оның минези белгилейди.


Ҳақыйқаттанда бизлерде баланың тек интеллектуал билимлерине, оның оқыўына, билим алыўына итибар береди. Бирақ оның минези, характери менен ҳеш шуғылланбайды екен.

Негизинде билимнен көре оның минези-қулқы биринши орында турады. Адамлар арасына кириў ушын билим керек ал сол орталықта қалыўы ушын жақсы минез ҳәм характер керек болады.


Қарда да...


Далаға шығып, балалық шақтағыдай ҳәз етип қар атыспашақ ойнағым келип тур. Бирақ көшеде адам бенде жоқ😒


Адам қәлесе бир-ақ күнде өзгереди, қәлемесе он жылда да өзгермейди.


Егер жигитиңиз яки қызыңыз усындай дәрежеде қызғанып атырған болса демек ода Отелло синдромы бар. Булда бир руўхый кеселлик есапланады. Оны психолог яки психотерапевтке апарың😁


Отелло синдромы

Отелло синдромы - бул патологикалық қызғаншақлық жағдайы болып, инсан шериги оған қиянет етип атырғаны ҳаққында ҳеш қандай тыянақлы дəлиллерсиз исенип қалады. Бул синдром тийкарынан руўхый кеселликлер, мысалы, параноид бузылыўлар ямаса алкоголға байланыслы психозлар фонында раўажланыўы мүмкин.

Белгилер:

-Турақлы гүмәнлар ҳəм тийкарсыз айыплаўлар
-Шериктиң ҳəрекетлерин турақлы тексериў
-Қиянетти “тастыйықлаў” ушын дəлиллерди излеў
-Ҳәрдайым бақлаўға умтылыў
-Басым ямаса зорлық көрсетиў


Бул синдром Ўилям Шекспирдиң " Отелло" трагедиясидан алынған, себеби одағы бас қаҳарман Отелло қызғаншақлық себепли өз зайыпы Дездемона жанына қас етеди.

Егер Отелло синдроми күшли дəрежеде болса, ол психик саламатлық қəнигеси жəрдемин талап етеди.

@Atamuratov


Ҳәттеки қарда бурынғыдай қуўаныш алып келмеди.


Күшли еркектиң ҳаялы ҳеш қашан қор болмаған. Күшли дегенде тек билектеги күши менен мақтанатуғын емес, ҳәр жақлама күшли. Билегида, билимида, саўаты, психалогиясы, турақлылығы күшли болыўы, өз үстинде ислей алыўы, адамлар менен қарым қатнасты жақсы билетуғын, ойланып ис ҳәрекет қылатуғын, өзинде бар затлардың қәдирине жететуғын, болып атырған жағдайды анализ қылатуғын, жетерли ақша таўатуғын, бул дизимди таўа берсең көп. Усылардың барлығынан күшли болған еркектиң ҳаялы ҳеш қор болмаған ҳәмде ондай еркеклер жәмийетте бар. Өзим көргенмен, соларға ҳәўес еткенмен. Күшли адам табың!


Маған усындай видеолар унамайды. Турмыс қурыўды бийкарлап, жас қызларда қорқыныш оятып атырғандай. Дым асырып сүўретлеп жибереди.

Бир еркек ҳәйелин урды дегени ҳәмме еркек сондай яки турмыс тек урыстан ибәрат, ертен любой еркек қатынын қорлап қояды дегени емес.

Ҳәмме еркек жаман емес. Бир еркекке қарап ҳәмме сондай деў қәте. Жәмийетте сондай еркеклер бар сизлер оларды көрип ҳайран қаласыз. Келиншегин әлпешлеп керек болса периштедей қылып қоятуғынлар бар.

Ал жоқарыдағыдай видеолар болса жас қызлардың турмысқа деген көз қарасын өзгертип, оларда қорқыныш, уўайым пайда қылып, ҳәттеки турмысқа шығыў қәлеўин жоқ қылып жибереди.

Интернетте көрген ҳәмме нәрсени серёзно қабыллай бермең. Пикир қылың, салыстырың, өзлериңиздиң принциплериңиз, ойларыңыз болсын.

@Atamuratov

546 0 2 12 45



Айтарым көп саған, егер тыңласаң...


Баяғыда үлкен ағалар "класыңда нешинши атамансаң" деп сорайберип нервқа тийетуғын еди. Ҳәзир сол аға мен болдым😅


Әўмет келмегеннен кейин ҳәмме нәрсе көзиңе мәниссиз болып көринеди...

© Достоевский

20 last posts shown.