Күшли еркектиң ҳаялы ҳеш қашан қор болмаған. Күшли дегенде тек билектеги күши менен мақтанатуғын емес, ҳәр жақлама күшли. Билегида, билимида, саўаты, психалогиясы, турақлылығы күшли болыўы, өз үстинде ислей алыўы, адамлар менен қарым қатнасты жақсы билетуғын, ойланып ис ҳәрекет қылатуғын, өзинде бар затлардың қәдирине жететуғын, болып атырған жағдайды анализ қылатуғын, жетерли ақша таўатуғын, бул дизимди таўа берсең көп. Усылардың барлығынан күшли болған еркектиң ҳаялы ҳеш қор болмаған ҳәмде ондай еркеклер жәмийетте бар. Өзим көргенмен, соларға ҳәўес еткенмен. Күшли адам табың!