Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
«Балаларға бериӊ дүньяны» сүрени астында байрам кешеси шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4185-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-анасының ямаса басқа да нызамлы ўәкиллериниң қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген.
Жетимлерге итибар бериў, олардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў миллий қәдириятларымыздан саналады. Сондай-ақ, жетимлерге жақсылық етиў, олардың күнделикли турмысын жақсылаўға үлес қосыў ҳәм оларды жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары сыпатында қабыл етиў әҳимийетли. Бул, олардың келешекте еркин ҳәм пәрәўан өмир кешириўлерине жәрдем береди.
Динимизде жетимлерге жәрдем бериў, оларға меҳир-муҳаббат көрсетиў ҳәм олардың күнделикли турмысын жақсылаўға умтылыў, ҳәр бир мусылманның инсаныйлық ўазыйпасы. Бул, жәмийетте әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеўге жәрдем береди ҳәм барлық инсанлардың қәдир-қымбатын арттырады.
25-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басламасы менен «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен республикамыздағы қәлби өксик 60 балалардың кеўиллерин көтериў мақсетинде мүбәрек Рамазан айы алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди. Байрам иләжында оларды пайтахтымыздағы «Джунгли» балалар дем алыў орнында ойын-заўық шөлкемлестирилди. Соӊ «Кәрўан сарай» тойханасында дастурхан жайылып, ас берилди. Балаларға ҳәр түрли ойыншықлар тарқатылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, «Вақф» қайырқомлық фонды баслығы И.Тажетдиновлар қатнасты.
Бүгинги қаырқомлық илажда қатнасқан балаларымызға оқыўларында табыслар тилеп, жәмиетте жетик қәниге болып жетилисиўинде әўметлер тилеп қаламыз.
Бегис Аббазов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz