Енди Әзербайжанға да "қызыл" паспортсыз барыў мүмкин болады
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан министрликлери ҳәм уйымлары арасында бул мәселе додаланған. Оған бола, келешекте еки мәмлекет пуқаралары сырт елге шығыў паспортын алмастан, ID-картаның өзи менен шегараны өткериўи нәзерде тутылған.
Еслетип өтемиз, ҳәзир Қырғызстанға ID-карта арқалы барып келиў мүмкин. Буннан алдын, Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери миллий ID-карталарын өз-ара тән алыў усынысын алға қойған еди.
Ҳәзирги ўақытта Қазақстан менен бул системаны жолға қойыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
👉 @Karakalpak24