Ески үлгидеги долларларды сатыў ҳәм сатып алыў банклерде ҳеш қандай машқаласыз әмелге асырылады
Орайлық банк ҳәзирги күнде мәмлекет аймағында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы (2009-жылға шекем емиссияланган) банкнотларды банклер тәрепинен сатыў ҳәм сатып алыўға байланыслы әмелиятлар ҳеш қандай машқалаларсыз әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.
Соның менен бирге, ҳеш бир мәмлекет есап-санақларында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотлардың нызамлы төлем қуралы сыпатындағы статусы өзгермеген.
Орайлық банк халық ҳәм исбилерменлик субектлерин социаллық тармақларда тарқалып атырған тастыйықланбаған мағлыўматларға исенбеўге шақырып, тек ғана рәсмий дәреклерге сүениўди усыныс етти.
👉 @Karakalpak24