ТӘЛИМ КРЕДИТИ ҲАҚҚЫНДА ТОЛЫҚ МАҒЛИЎМАТ✔️
Кредит муғдары: 1-курслар ушын бир жыллық контракт муғдарына шекем ажыратылады.
Екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши "3" ден төмен болған жағдайда билимлендириў кредити төлем-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажыратылады (Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген шаңарақлардың перзентлери буған кирмейди).
✅
Қайтарыў мүддети: оқыў мүддети (3, 4 ямаса 5 жыллық мүддет) тамамланганнан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетке.
✅
Проценти:
жигитлер ушын — Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында (
ҳәзир 13,5% - 2024-жыл 10-сентябрь жағдайына);
Қызлар ушын - проценциз (0%);
✔️
Тийкарғы ставка өзгерсе: егер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлесе, онда кредит проценти де төменлейди. Егер тийкарғы ставка көтерилсе, онда кредит проценти өзгермейди (ягный көтерилмейди).
✔️
Кимлерге бериледи:
✅ тек күндизги билимлендириў формасына
✅ бакалавр (
соның ишинде екинши қәнигелик) ямаса магистрге
✅ төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға кирген
✅ ямаса оқыўын көширген студентлерге бериледи.
✔️
Төмендегилерге берилмейди:
❌ супер-контракт ушын;
❌ сыртқы;
❌ кешки;
❌ аралықтан;
❌ арнаўлы сыртқы формалар ушын тәлим кредити берилмейди.
✔️
Қайсы ЖООлар ушын: тәлим кредити Өзбекстандағы мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ямаса сырт ел:
✅ жоқары;
✅ орта арнаўлы;
Профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары
✅ ямаса қоспа бағдарламада оқыўшы студентлерге бериледи.
❌ Сырт елде жайласқан ЖООларда оқыў ушын
тәлим кредити берилмейди.❌ HEMIS бағдарламасына жалғанбаған жеке меншик жоқары оқыў орынларының студентлерине
тәлим кредити берилмейди.✔️
Кепиллик: кредит алыўшының турақлы дәрамат дерегине ийе болган шаңарақ агзалары (ата-анасы, ага-ини, апа-сиңлиси, ери яки ҳаялы) ямаса басқа үшинши шахслар билимлендириў кредити шәртнамасында биргеликте кредит алыўшы сипатында қатнасыўы мүмкин (ягний анық туўысқан болиўи шәрт емес).
✔️
Кимлерге кепиллик талап етилмейди: "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.
✔️
Пуқаралық: тәлим кредити тек Өзбекстан пуқаралары ушын бериледи. Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға банклердиң өзи коммерциялық шәртлерде кредит бериўи мүмкин.
✔️
Керекли ҳүжжетлер: банкке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
а) арза;
б) студент ҳәм билимлендириў мәкемеси арасындағы шәртнама (коньтракт);
д) кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў бойынша ҳүжжет.
Бунда "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди;е) "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама (егер бар болса);
ф) банктиң ишки ҳүжжетлеринде (сиясатында) белгиленген басқа ҳүжжетлер, соның ишинде, биргеликтеги кредит алыўшыға тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер.
✔️
Арза көрип шығылыў ўақты: арза 5 жумыс күнинде көрип шығылыўы ҳәм кредит шәртнамасына қол қойылыўы керек. Егер бийкар етилсе бул ҳаққында студентке себеплери көрсетилген жуўап хаты бериледи.
✔️
Мүддетинен алдын қайтарыў: кредит алыўшы тәлим кредитин шәртнамада белгиленген мүддетлерден алдын қайтарыўға ҳақылы.
✔️
Арзаны қашан ҳәм қалай бериў керек: тәлим кредити алыў ушин арзаны бугин-ақ бериўиңиз мүмкин. Буның ушын әлбетте банкке барыўыңыз да шәрт емес, төмендеги 2 усыл арқалы онлайн арза жибериў де мүмкин:
1)
https://talim-kredit.mf.uz сайты;
2) Бирден-бир портал арқалы (
https://my.gov.uz/oz/service/677).
Банкке барыў мақул болса, онда бул вариантты да көриўиңиз
мүмкин.👉
@Karakalpak24