Кредитке кепил болған шахслар кепилликти бийкарласа болама?
Көпшилик ойлайды, кредитке кепиллик шәртнамасын дүзгеннен кейин, оны бийкарлаў мүмкин ҳәм аңсат. Бирақ тийкарында бундай емес. Кепиллик қарыздар мәжбүриятлары бойынша кепилде де мәжбүрият жүзеге келтиреди. Нызамшылыққа көре шәртнаманы бир тәреплеме бийкар қылыў, яғный кепилликтен бир тәреплеме ўаз кешиўге жол қойылмайды. Мәселен, кепил шәртнама дүзгеннен кейин жумысынан айрылса, кесел болып қалса, қарыздар (кредит алған танысы) менен урысып қалсада кепиллик өз күшинде қала береди.
Кепиллик шәртнамасын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын банк пенен келисиў керек болады, банк болса ҳешқашан өз тәмийнаты зиянына ҳәрекет қылмайды. Кепиллик қашан кредит қарызы толық төленгенде, қарыз мәжбүрияты басқа шахсқа өткизилгенде яки кепиллик мүддети өтип болғаннан кейин тамамланады. Және бир жолы кепилликти алмастырыўды сорап банкке мүрәжат қылыў, егер тәреплер келисе алса кепилди басқа сондай шахсқа алмастырыў мүмкин.
Жаңалық канал👉 https://t.me/+qZt0dq1X0_s0ODYy