#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Зорлықтан жәбирленген балаларға қорғаныў ордери бериў тәртиби жолға қойылмақта
“Балаларды зорлықтың бәрше түрлеринен қорғаў ҳаққында”ғы Нызам (ӨРН–996-санлы, 14.11.2024 ж.) қабыл етилди
🔰Нызамға бола, төмендегилер балаларға қарата зорлықтың турлери есапланады:
🔹физикалық зорлық;
🔹жынысый зорлық;
🔹руўхый зорлық;
🔹ғамхорлық көрсетпеў;
🔹експлуатация қылыў;
🔹гүзетиў (bulling).
🚫Балаларға қарата зорлықтың бәрше турлери нызам менен қадаған етиледи.
❗️Мәмлекет балаларды зорлықтың бәрше түрлеринен қорғаў ушын тийисли ҳуқықый, ҳәкимшилик, социаллық, экономикалық ҳәм басқа шараларды көреди.
✅ Нызамға муўапық:
➖зорлықтан
жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары белгиленбекте;
➖балаларды зорлықтың бəрше түрлеринен қорғаў бойынша
жеке тəртиптеги илажлар белгиленип, атап айтқанда зорлықтан жəбирленгенлерге
қорғаныў ордери бериў тəртиби жолға қойылмақта.
📑 Усыған тийкар қорғаныў ордери
ишки ислер органлары тəрепинен бериледи ҳəм зорлықтан жəбирлениўшиге яки оның нызамлы ўəкилине ўəкилликли мəмлекетлик уйымы қатнасыўында тапсырылады.
🗓 Қорғаныў ордери
30 күнлик мүддетге шекем бериледи ҳəм рəсмийлестирилген ўақыттан баслап күшке киреди.
🏢 Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги балаларды зорлықтың бəрше түрлеринен қорғаў саласында ўəкилликли мəмлекетлик уйымы есапланады.
📞 Агентлик жəрдем кɵрсетиў, мəслəҳəт бериў механизми ҳəм илажлар ҳаққындағы мəлимле алыныўын, балаларға қарата зорлық ҳалатларының алды алыныўын тəмийинлеў мақсетинде Ɵзбекстанның пүткил аймағында күни түн ислейтуғын
исеним телефоны ислеўин тəмийинлейди. ❕Исеним телефоны арқалы алынған мəлимлемени
əшкара етиўге жол қойылмайды. Нызам рəсмий дағаза етилген күннен баслап 6 ай ɵткеннен кейин күшге киреди.
⚠️ Нызам жойбары Əдиллик министрлиги ҳəмде Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳəм басқада шɵлкемлер тəрепинен ислеп шығылған.
😎
Қарақалпақ LIVE —
ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!