⚡️ 5 жыл стажы бар ҳаял-қызларға тавсиянама алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды
Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекет жоқары тәлим мәкемелерине бөлек қабылаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлем-контракт тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң тавсиянамасына ийе болыўы керек.
📝 Талабанлар усы жылдың 1-июньына шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў ямаса ўақтынша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
➖ пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
➖ мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси) ден көширме;
➖ орта-арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша диплом.
✅ ЕСТЕ САҚЛАҢ: тавсиянама алдым, дегени оқыўға кирдим, дегени емес. Оның ушын сиз жеткиликли дәрежеде жоқарырақ балл топлаўыңыз да керек. Бул тавсиянаманы алған ҳаял-қызлар мабада оқыўдан жығылса, тағы бир рет мүмкиншиликке ийе болады ҳәм барлық жығылған тавсиянамалар арасында 500 орыннан бири арқалы контрактға оқыўға кириўи мүмкин.
Тавсиянама алыў ушын талабанлар төмендеги критерялардың барлығына муўапық келиўи керек:
👉 орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
👉 тавсиянама алғанға шекем жоқары тәлим алмағанлығы ямаса алмай атырғанлығы;
👉 орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
Талабанлар тәрепинен усыныс етилген арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала) Исши топарлары тәрепинен орнатылған тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм тавсиянама бериў ямаса тавсиянама бериўди бийкарлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи. Дерек
➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!