KarPressa


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


📍 KarPressa –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ушын: @TLEPOV_ISLAM

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


⚡️Қарақалпақстанлы 2 қыз «Зулфия» сыйлығы менен сыйлықланды

Төремуратова Бийбиназ Кенесбай қызы ─ Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты (Қарақалпақстан Республикасы)

Ибрагимова Шахзада Алишер қызы ─ Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң көркем гимнастика бойынша тренери (Қарақалпақстан Республикасы).

📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Беруний районында көп қабатлы жайдың төбеси күшли самал ақыбетинде ушып кетти

2025-жыл 3-март күни саат 06:40 шамасында 17 м/с (60 км/саат)
тезликте ескен самал ақыбетинде Беруний районы «Наўрыз» МПЖ Төрткүл шах көшеси бойында
жайласқан 102-көп қабатлы жайдың шама менен 750 кв.м. майданында туника шифер бастырмасы ушып,
жерге түскен.

Нәтийжеде көп қабатлы турақ жай алдында турған Nexia-2, Spark, Damas ҳәм Lifan электр мотоциклы үстине түсип автомобильлерге зыян жеткен.

Бул көп қабатлы жай 1973-жылы қурылған болып, 2018-жылы төбеси туника шифер менен қапланған.

Ўақыя орнында Беруний районлық АЖБ тәрепинен тазалаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәдийсе ақыбетинде дене жарақатын алған пуқаралар жоқ.

Сондай-ақ, жағдай бойынша арнаўлы жумысшы топар тәрепинен жеткерилген зыян анықластырылып, қысқа ўақыт ишинде жәрдем бериў ҳәм тийкарғы жағдайға қайтарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🔥 Ayaqlarıńızǵa ǵamxorlıq etiń - Turmalinli emlewshi shulıqlar! 🔥

Sizdi ayaqlarıńızdaǵı sharshawlıq, isiw hám awırıw máselesi qıynamaqta ma? Universal turmalinli shulıqlar menen hár kúni qolaylıq hám salamatlıq seziniń!

✅ Erkekler hám hayallar ushın ılayıqlı
✅ Bulshıq et awırıwın azaytadı
✅ Varikoz tamırlarına qarsı gúresedi
✅ Bolajaq analar ushın paydalı
✅ Kóbirek júriw hám qozǵalıwǵa járdem beredi

💰 Bahası: 54 000 sum
🚚 Ózbekstan boyınsha jetkizip beriw bar
💳 Tólem ónimdi qolıńızǵa alǵanda qılasız


📌 Buyırtpa beriw ushın usı jerge basıń:
👉
https://100k.uz/oqim/612222
👉
https://100k.uz/oqim/612222
👉
https://100k.uz/oqim/612222

*Reklama


❗️ Енди сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды

📑 2025-2026-оқыў жылындағы қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

☑️ Яғный, енди қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, сол бағдарға тек ғана сертификаты барлар ҳүжжет тапсыра алады.

📍Информация бағдары @KarPressa


❗️Азиз Ташпулатов Ишки ислер министри лаўазымына тайынланды

📍Информация бағдары @KarPressa


❗️Полат Бабажанов Ишки ислер министри лаўазымынан азат етилди

Ол 2017-жыл сентябрьден берли Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри лаўазымында ислеп киятырған еди.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🔧 46 bólekli DEKECR-V ásbaplar jıynaǵı – Úyińiz hám avtomobilińiz ushın isenimli járdemshi!

🛠 Universal hám kásiplik jıynaq
🔩 Xrom-vanadiyli polat (CR-V) –
bekkem hám shıdamlı
📏 Ólshemi: 24x12 sm
💰 Bahası: 89 000 sum
🚚 Ózbekstan boyınsha jetkizip beriw bar
✅ Tólemdi – ónimdi qolıńızǵa alǵanıńızda qılasız!

Buyırtpa beriw ushın tómendegi siltemeni basıń:
➡️
https://100k.uz/oqim/611699
➡️
https://100k.uz/oqim/611699
➡️
https://100k.uz/oqim/611699

*Reklama


Өзбекстанда 2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендеги педагоглар мәжбүрий аттестацияға тартылмайды:

▪️жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғанынан соң усы категорияны (лаўазымды) 15 жыл даўамында сақлап келгенлер ҳәм де үзликсиз жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️жасқа байланыслы пенсияға шығыўына 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалғанлар;
▪️педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған пенсия жасына толған педагоглар.

Оларға әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы) бойынша ҳақ төленеди.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️Халық аралық автомобиль жолында музғалаққа қарсы қум-дуз араласпасы себилмекте

А380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Қанлыкөл районы аймағынан өткен 831-861-км бөлегинде қардан тазалаў, қум-дуз араласпасын себиў жумыслары алып барылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Шоманай районының пидайы адамы қайтыс болды

Шоманай районы Тоғай хожалығы директорының орынбасары, пидайы инсан Қалжанов Асқарбай Муратбаевич 2025-жыл 2-март күни қайтыс болды.

Оның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғы билдиремиз.

📍Информация бағдары @KarPressa

8k 0 95 34 136

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
‼️Дыққат! Телеграм арқалы тарқалып атырған қәўипли "APK" файллар ҳаққында ескертпе!

Соңғы күнлерде "Ўзбекистон 24" телеканалында сени көрсетип атырғаны ҳаққындағы жалған хабарлар менен бирге "APK" файллар тарқалмақта. Бул файллар телефоныңызға зиян жеткерип, жеке мағлыўматларыңызды урлаўы мүмкин.

Басқаныңызда👇:
🔸Жеке мағлыўматларыңыз урланады.
🔸Банк картаңыздағы пуллар алыныўы мүмкин.
🔸Сизиң атыңыздан досларыңызға усындай зыянлы хабар жибериледи.

❗️Ҳеш қашан гүманлы "APK" файлларды ашпаң! Ҳәттеки жақынларыңыздан болса да, алдын тексериң!

📍Информация бағдары @KarPressa


Сырт ел атамалары орнына өзбекше альтернативлер жазылыўы мүмкин

Өзбекстан Илимлер академиясының илимпазлары сырт ел атамаларын өзбекше альтернативлерине алмастырыў бойынша жәмийетшилик усынысларын көрип шықты.

📍Информация бағдары @KarPressa

7.6k 0 13 28 14

🌍 Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

🗓 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Нөкис қаласында биринши Арал мәденият саммити болып өтеди. Бул илаж Қарақалпақстанның экологиялық, жәмийетлик ҳәм мәдений раўажланыўына үлес қосыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

🔹 Ҳәр 18 айда бир мәрте өткерилетуғын бул саммитте жергиликли ҳәм халықаралық белсендилер, сүўретшилер, илимпазлар қатнасыўы күтилмекте. Олар Аралбойы аймағының келешеги ушын жақсы өзгерислер усынады.

🎨 Көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим – саммиттиң тийкарғы бағдарлары есапланады. Илаж шеңберинде аймақ ушын әҳмийетли болған экологиялық ҳәм жәмийетлик мәселелер додаланып, оларға шешим табыў мақсет етилген.

🔍 Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры басламасы менен шөлкемлестирилип атырған бул саммит ҳаққында Қытайдың "Синьхуа" хабар агентлиги де мағлыўмат тарқатты.

📍Информация бағдары @KarPressa


📅 Март айында өзбекстанлылар 13 күн дем алады - бул жылдың ең узақ дем алысларынан бири!

Март айы Өзбекстанда ең көп дем алыс күнлери болатуғын айлардың бири болады. Бул айда улыўма есапта 13 күн жумыс күни болмайды. Бул болса Наўрыз байрамы, Халықаралық ҳаял-қызлар күни ҳәм қосымша дем алыс күнлери менен байланыслы.

📌 Дем алыс күнлери төмендегидей болады:

🔹 1-2-март (шемби-екшемби) – ҳәптениң әдеттеги дем алыс күнлери
🔹 8-9-март (Халықаралық ҳаял-қызлар күни ҳәм екшемби)
🔹 10-март (қосымша дем алыс күни, дүйшемби)
🔹 21-23-март (Наўрыз байрамы ҳәм ҳәпте ақыры)
🔹 24-25-март (Наўрыз дем алысы даўам етеди - дүйшемби ҳәм сийшемби)
🔹 31-март (екшемби)


Бул айдың қолайлықларынан бири - дем алыс күнлери көбейгени себепли шаңарақлық дем алыў, саяхат етиў ямаса жеке ислерге ўақыт ажыратыў имканияты көбейеди. Жумыс күниниң аз болыўы болса айырым тараўларда мийнет кестесин өзгертиўи мүмкин.

📍Информация бағдары @KarPressa

13.2k 0 339 13 43

Нөкисте ҳаўа райы: бүгин ҳәм тарийхый фактлер

🌡 1-марттың орташа температурасы: -2.2°C
🔥 Ең жоқары температура (1-март): -0.9°C
Ең төмен температура (2-март азанда): -12.4°C
🌱 Топырақ бетиндеги минимал температура: -7°C
🌧 Жаўын-шашын: 2 мм

📜 Қызықлы фактлер:
🔺 1-марттың ең ыссы күни: +21.4°C (2005-жыл)
🔻 2-марттың ең суўық күни: -23.0°C (1954-жыл)

Бүгинги суўық температура тарийхый рекордлар дәрежесине жақынласты. Ҳаўа райы кескин өзгерислер болыўы мүмкин, соның ушын сақ болың!

📍Информация бағдары @KarPressa

8k 0 33 1 44

Ферғанада сийрек ушырасатуғын қусты нызамсыз сақлаған пуқара қолға алынды

Шөл лашыны — Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген сийрек ушырасатуғын қуслардан бири. Оны нызамсыз услап турыў 562,5 млн сум муғдарында зыян деп баҳаланады. Бул сумма белгиленген шегарадан асқаны себепли ис жынаятлық тәртипте көрип шығылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Тәбийғый газ ушын базалық норма 1-апрельге шекем узайтылды

Ысытыў мәўсиминде тәбийғый газ ушын енгизилген 500 куб метрлик базалық норма 1-марттан 1-апрельге шекем узайтылды.

Бул қарар март айында ҳаўа температурасының төменлеўи ҳәм 0°C дан төмен болыўы мүмкинлиги себепли қабыл етилди.

Еслетип өтемиз, бурын 1-марттан баслап норманың 100 куб метрге түсирилиўи жобаластырылған еди.

📍Информация бағдары @KarPressa

15.3k 0 279 45 62

Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан президентлери 31-март күни ушырасады

Тәжикстанның Хужанд қаласында 31-март күни Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан президентлериниң қатнасыўында тарийхта биринши рет үш тәреплеме саммит өткериледи.

📍Информация бағдары @KarPressa


doctor.sevara Varikoz lazerli davosi dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
3 va 4 mart kunlari Nukusdagi ESTELIFE (Dr. Kahraman) klinikasida Dr. Sevara yordamida varikozdan og'riqsiz va garantiyali qutiling

Agar Siz bo'rtib chiqqan tomirlardan, oyoqdagi o'g'riq va shishlardan, tomir tortishlaridan qiynalayotgan bo'lsangiz, Dr. Sevara Sizni ushbu muammolardan 30 daqiqada, mutlaqo og'riqsiz, kesmalarsiz va garantiyali bilan xalos etadi.

Klinika manzili: Nukus sh., Xo’jayli guzari ko’chasi, 101-uy. Mo’ljal: Bek Safari restorani yonida.

☎️ 91 828-01-01

Telegram | Instagram | Facebook

7k 0 12 1 15

Рамазан айында ең узақ ораза қай жерде тутылады?

Быйыл Рамазан айында ҳәр түрли мәмлекетлердеги ораза тутыў узақлығы арасындағы парық 3 сааттан аспайды.

Ең узақ ораза 15 саат 52 минут болып, Рамазанның ақырғы күни - 29-мартта Исландияның Рейкьявик ҳәм Гренландияның Нуук қалаларында тутылады.

📍Информация бағдары @KarPressa

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.