«ӘКЕМНЕН УЯЛАМАН…»
Ɵспиримлер менен жеке ислескенимде дерлик кɵпшилигиниң басқалардан жасыратуғын сыры барлығы мәлим болады.
©Сарбиназ Мусатдинова
👉 @Karlive24 — Информациялық канал
Ɵспиримлер менен жеке ислескенимде дерлик кɵпшилигиниң басқалардан жасыратуғын сыры барлығы мәлим болады.
Әсиресе, шаңарақлық жағдайының тɵменлигинен, ата-анасының ким болып ислейтуғынынан (егер уборщица яки қараўыл болса) яки кийимлериниң ескиргенинен уялыў жағдайлары кɵп ушырасады. Бирақ, айырым ɵспиримлер ата-анасының денсаўлығы тɵмен болса (руўхый кесел яки нәгиран) яки әкеси кɵп ишетуғын болса теңлеслеринен уялып жасырыўға ҳәрекет етеди.
Әсиресе, қыз бала әкесиниң арақ ишкенин кеўилине жақын алады ҳәм ишинен ɵкпелеп жүреди. Досларының алдында әкесиниң мәс ҳалында кɵриниўин қәлемейди. Негизинде ул бала болсын, қыз бала болсын әкесиниң арақ ишип мәс болғанын үш мәртеден артық кɵрсе қәлби жарақатланады.
Усы жарақаты себепли әкесине ɵкпелеўи күшейип кетеди. Теңлеслериниң ата-анасы менен салыстырып жүреди. Бундай жағдайда әкеси перзентлериниң жүзин төмен қаратып жүргенине, өзиниң ислеп жүрген ислерине итибар берип ойланыў керек.
©Сарбиназ Мусатдинова
👉 @Karlive24 — Информациялық канал