KARLIVE 24 — News


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Bloglar


Биз мәмлекетте ҳәм дүньяда жүз берип атырған жаңалықларды тез ҳәм оператив түрде сизге қолайлы етип жеткерип беремиз!
Жәмийеттеги қубылыс ҳәм машқалаларға субьектив көз қарас.
Жаңалықлар болса бизге жибериң, биз каналға шығарамыз 👉🏻 @karlive24_bot

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Bloglar
Statistika
Postlar filtri


Мигрантлардың пул өткермелерисиз Өзбекстанда кәмбағаллық муғдары 17%ке шекем артыўы мүмкин

Жәҳән банкиниң изертлеўине бола, мигрантлардың пул өткермелери болмаса, Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 9,6%тен 16,8%ке шекем артыўы мүмкин. Бул болса мигрантлар жиберген қаржылардың халықтың турмыс дәрежесин сақлаўдағы әҳмийетин көрсетеди.

Изертлеўде атап өтилиўинше, өзбекстанлы мигрантлар ағымы соңғы жылларда диверсификацияланған. Ҳәзирги ўақытта олардың 57%и Россияда, 15%и Қазақстанда, 10%и Украинада жумыс ислеп атыр. Алдынлары мигрантлардың тийкарғы бөлеги Россияны таңлаған болса, енди басқа мәмлекетлерге де бағдарлар кеңейген.

Миграция пүткил Европа ҳәм Орайлық Азия регионында экономикалық раўажланыўға тәсир көрсетпекте. Дәраматлар айырмашылығы, демографиялық өзгерислер, климат машқалалары ҳәм қураллы келиспеўшиликлер мийнет мигрантлары ағымының өсиўине себеп болып атырған тийкарғы факторлардың бири болып қалып атыр.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Түркиядағы өзбекстанлылар ескертилди

Өзбекстан Республикасының Стамбул қаласындағы Бас коньсулханасы Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы авиақатнаўлар даўамында пуқараларды аэропортта басқа адамлардың жүклерин алмаўға шақырған.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌊 Арал, Кәспий ҳәм Қара теңизлери суўының соңғы 30 мың жыллықтағы өзгериўи

Изертлеўшилер теңизлер суўының соңғы 30 мың жыллықта теңиз жүзесине салыстырғанда қандай шетленгенин ҳәр 5 жыллық интервалда 1950-жылға шекем болған дәўир ушын ислеп шыққан.

Графикке қаралса, бул үш ири суў объектлери жақын өткен заманда өзиниң көлемин тез-тез өзгерткен. Арал теңизи болса тез қурып ҳәм тез суўға толып қалыўы жақын 30 мың жыллықта бир неше рет жүз берген.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қытай жазыўлары баннерлерде көбеймекте - бул тек бизде емес!

Соңғы ўақытлары Өзбекстан көшелеринде қытай тилиндеги баннерлер көбейгени ҳаққында көп сөз болмақта. Негизинде, бул тек ғана бизде емес, ал пүткил дүняда бақланып атырған жағдай.

✓ Економика ҳәм глобалласыў.
Қытай дүнядаги ен ири экономикалық күшлерден бири. Олар өз өним ҳәм хызметлерин дүня базарларына алып шықпақта, реклама болса усы процесстиң бир бөлеги.

✓ Бизнес тил танламайды.
Коммерцияда тийкаргы мақсет - өним яки хизметти сатыў. Қытай компаниялары бул жерге инвестиция киргизгени ушын олардың рекламалары да көбеймекте. Тап усындай жағдай түрк, рус ямаса инглис тиллеринде де бақланыўы мүмкин.

✅ Бизге де өсиў керек!
Ең әҳмиетлиси, биз де өз өнимлеримизди халықаралық базарға алып шығыўымыз керек. Дүняда "Маде ин Узбекистан" жазыўлары көбейиўи ушын экономикалық өсиўге итибар қаратыўымыз зәрүр!

#Экономика #Бизнес #Өзбекстан #Глобалласыў

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Дүньядағы ең жақсы фильм деп табылған 10 минутлық кино ҳаққында

👉 @Karlive24Информациялық канал


11-март күни улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи

Наўрыз байрамын мүнәсип белгилеў ҳәм де Рамазан айын күтип алыўға таярлық көриў мақсетинде 11-март күни улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи.

👉 @Karlive24Информациялық канал


❓НӘРЕСТЕНИҢ ҚАРНЫ НЕГЕ ДЕМЛЕСЕДИ?

«1 айлық нәрестемниң қарны демлесип кете береди. Соның ушын болса керек, көп жылайды. 3-4 күнде зорға ҳәжет шығарады. Бул жағдайдан мен де, балам да қатты қыйналып кеттик. Маған не мәсләҳәт бересиз?»

— Бириншиден, баланы емизип болған соң кеминде ярым саат қарнын қарныңызға басып көтерип жүриң. Себеби, бала емип атырғанда оның мурнынан қарнына ҳаўа кирип қалады. Әне, сол ҳаўа шығып кетиўи ушын баланы вертикал ҳалатта көтериў шәрт. Оны емизип бола сала жатқызып қойыў надурыс.

Егер мине усы әпиўайы қағыйданы сақласаңыз, перзентиңиз сол заматта-ақ кекире баслайды, қарнына жыйналып қалған жел де дәрриў шығып кетеди. Аўырыў ҳәм шаншыўлар да жоғалады.

Баланың иши жүрмей атырғанына және неврологик машқалалар себепши болыўы мүмкин. Себеби, мийде қан айланыўы бузылса, бул өз гезегинде асқазан ҳәм ишеклерге тәсир қылады. Нәтийжеде нәрестениң иши жүрмейди. Ҳәм ол тынымсыз иш қаталаўына бейим болып қалыўы мүмкин. Сонлықтан, егер зәрүрлик болса, баланы невропатолог көригине алып барыў мәсләҳәт етиледи. Қәниге оны зәрүр тексериўлерден өткизип, анық бир жуўмақты айтады.

Сондай-ақ, өзиңиздиң де жеў-ишиўиңизге шынтлап әҳмийет қаратыўыңыз шәрт. Себеби, бәршемизге мәлим, ана тутынатуғын ҳәр қандай азық, әлбетте, балаға тәсир етпестен қалмайды.

Және мына нәрсени айрықша айтып өтиўди қәлер едим: ананың иш қаталаўға бейимлилиги ўақты келип балада да қайталаныўы мүмкин. Демек, бул машқала өзиңизде де болса, оны сапластырыўға кирисиң. Балаңыз күшке толғанға дейин имканы барынша диета сақлаң.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қытайлы жигитлерге турмысқа шығып атырған өзбек қызлардың саны күн сайын өсип атыр.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Пуқаралары АҚШқа кириўи қадаған етилген еллердиң дизими таярланып атыр

АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳәкимияты пуқаралары усы мәмлекетке кириўи қадаған етилетуғын мәмлекетлердиң жаңа дизимине Аўғанстанды да қосыўы мүмкин, деп хабар тарқатады «New York Times» хабардар рәсмийлерге сүйенип.

Басылымның жазыўынша бул ретки дизим Трамптың биринши мүддети дәўириндегисинен кеңирек болады.

Бир рәсмийдиң пикиринше, усынылып атырған «қызыл дизим»де тийкарынан бурынғы ҳүжжетке қосылған мәмлекетлердиң дизими жазылған: Куба, Иран, Ливия, Қубла Корея,  Сомали, Судан, Сурия, Венесуэла ҳәм Яман. Басқа деректиң айтыўынша, пуқаралары АҚШқа киргизилиўи қатаң қадаған етилген топарға Аўғанстанды да қосыў усыныс етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

👉 @Karlive24Информациялық канал


«Ақтуба» көлине тырналар келди

Исламбек Арепбаев Кегейли районы аймағында жайласқан «Ақтуба» көлине ушып келген тырналарды камера обьективине мөрледи.

Сүўретлер автордың «инстаграм»дағы жеке бетинен алынды.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Енди судқа байланыслы ҳуқықый сораўларға жасалма интеллект жәрдеминде жуўап алыўыңыз мүмкин

Жоқары суд Интерактив хызметлери порталының "Жеке кабинет" бөлиминде суд-ҳуқық тараўында жасалма интеллект тийкарында мәсләҳәт бериўши чат-бот иске түсирилди.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Кредитке кепил болған шахслар кепилликти бийкарласа болама?

Көпшилик ойлайды, кредитке кепиллик шәртнамасын дүзгеннен кейин, оны бийкарлаў мүмкин ҳәм аңсат.Бирақ тийкарында бундай емес.Кепиллик қарыздар мәжбүриятлары бойынша кепилде де мәжбүрият жүзеге келтиреди. Нызамшылыққа көре шәртнаманы бир тәреплеме бийкар қылыў, яғный кепилликтен бир тәреплеме ўаз кешиўге жол қойылмайды.

Кепиллик шәртнамасын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын банк пенен келисиў керек болады, банк болса ҳешқашан өз тәмийнаты зиянына ҳәрекет қылмайды.Кепиллик қашан кредит қарызы толық төленгенде, қарыз мәжбүрияты басқа шахсқа өткизилгенде яки кепиллик мүддети өтип болғаннан кейин тамамланады.

Және бир жолы кепилликти алмастырыўды сорап банкке мүрәжат қылыў, егер тәреплер келисе алса кепилди басқа сондай шахсқа алмастырыў мүмкин.

©Юрист Ауезбеков

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
👠 «Туфли қәде»ниң тарийхын билесиз бе?

Репортёр Айзада Амангелдиева өзиниң жеке Instagram бетине усы ҳаққындағы видеоны жайластырды.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🇺🇸🇺🇦 Ақ үй алдында дүнядағы ең үлкен Украина байрағы ашылды

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ол АҚШтан пулды тап бир жас баладан конфетти тартып алғандай аңсатлық пенен алды ҳәм оған тап сондай жеңил мүнәсибетте болды. Мениңше, ол миннетдар болмаған. Биз оған 350 млрд доллар бердик, деди Трамп Зеленский ҳаққында.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Замин фонды қәўендерлигинде "Таза ишимлик суўы" жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының Хожели ҳәм Қоңырат районларындағы 26 мектепте суў тазалаў үскенелери орнатылды

Заманагөй қурылмалар зыянлы араласпалар, бактериялар ҳәм микроорганизмлерди нәтийжели жоқ етиў имканиятын береди, соның менен бирге суўды пайдалы минераллар менен тойындырады, бул болса регионның климат шараятында айрықша әҳмиетке ийе.


👉 @Karlive24Информациялық канал


7421680.pdf
1.6Mb
⚡️Рәсмий: Енди «мусор»дан қарызыңыз болса, светиңиз жанбайды

Шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында жаңа төлем механизмлерин енгизиўге қаратылған нызам жойбары қабыл етилди.

Оған бола, тутыныўшы шығынды хызметлеринен қарыздарлығы ҳаққында қысқа хабар (СМС) арқалы хабардар етилгеннен кейин қарыздарлықты сапластырыў ушын тутыныўшыға бес күнлик мүддет бериледи.

Усы мүддет ишинде қарыздарлық сапластырылмаған жағдайда электр энергиясы ушын төлемди қабыл етиў ўақтынша шекленеди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.

👉 @Karlive24Информациялық канал


🌤 Бүгиннен баслап жыллы ҳаўа райы бақланады

10-12-март күнлери аралығыңда Өзбекстанда ҳаўа райы алағат бултлы болып жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Ҳаўаның температурасы 10-15 градусқа шекем көтерилиўи мүмкин.

👉 @Karlive24Информациялық канал


⚡️Президент Админстрациясы да иномаркалардан ўаз кешпекте

Президент Администрациясы қымбат баҳалы "иномаркалар"дан пүткиллей ўаз кешип, мәмлекетимизде ислеп шығарылған автомобиллерден пайдаланыўға өтиўди баслағаны айтылмақта.

Сырт елде ислеп шығарылған қымбат баҳалы автомобиллердиң барлығы басқышпа-басқыш "Е-aukcion" электрон саўда системасы арқалы сатылады.

Бул жүдә зор баслама болды.

Лаўазымлы шахслар енди жарыспаққа иномарка сатып алмайды, буннан аўысқан бюджет пуллары оннан пайдалырақ болған билимлендириў, медицина ҳәм соған уқсаған тараўларға жумсалады.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌏 Дүняны 2025-жылда қәўип-қәтер күтип тур, деп жазады The Guardion.

👉 @Karlive24Информациялық канал

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.