Билесиз бе? Пул мәселеси қашан да ҳәммени қызықтырады. Енди усы ҳаққында азырақ пикир жүргизейик...
Қара күн ушын пул жыйнаў: Пул инсанлар ушын мүтәжликлерин питкериў, арзыў-әрманларын әмелге асырыў ушын пайдаланатуғын қурал деўге болады. Пул менен ислесер ўақытта инсанлар өз характери ҳәм балалықтан қәлиплескен әдетлерине қарай ис тутады. Пулды қәдирлеў, оны ысырап етпеў кереклигин ҳәммемиз жақсы билемиз. Айырым ҳаяллардың үйиндегилерден жасырынша пул сақлайтуғын әдети бар екенлиги ҳешкимге сыр емес. Көп жағдайларда бундай етиўине ҳаялдың турмыс шараяты, оның мүтәжликлери ушын бәрҳама қәрежет ажыратыла бермегенлигине қыйналып, ямаса, турмыстағы ҳәр түрли жағдайлар ушын керек болады деп, усындай жол тутады. Негизинде, бул жаман әдет емес, себеби ҳаяллар бәрибир сол шаңарақтың абырайы ушын ҳеш нәрсени аямайды. Тек... тек... мәселениң басқа бир тәрепи бар, соған жүдә итибарлы болып қараў керек. Бул дегени - пул жыйнаў барысында жақсы нийет етиў!
Егер сиз пулды бийкарға ысырап етпей, тежеп услап, күнделикли қәрежеттен аўысқанын жыйнаўға қарар етсеңиз, онда жыйнайтуғын пулыңызды жақсы күнлерге, мысалы қаладан үй алыўға, машина алыўға, ямаса үйиңизге керекли буйым алыўға дегендей жақсы нийет етиң. Қара күниме деп пул жыйнаўға нийет етпек түўе, оны ойлаўдың өзи дурыс емес!
Не ушын ондай?
Себеби инсанның ойлаған ҳәр бир пикири, әсиресе, ол қайта-қайта ойланылса, ол әмелге асыўға, яғный, тек сөзден материаллық формаға өте баслайды. Қара күнлер дегенде кеўирге аўыр тийетуғын, басына мүсийбет түскен күнлерди түсинемиз. Басына бундай күн түскен инсанның көпшилиги "Бундай күнди душпаныма да раўа көрмеймен,"дейди.
Сиз өзиңизге раўа көресиз бе?
Ондай күнлердиң, ҳәтте, бир минутын да көз алдыңызға келтириў аўыр. Дурыс, өмир дегенимиз ақ қағаз бетиндеги туўры сызықлар сыяқлы емес. Арасында қыйыншылықлар да ушырасып турады. Тек, ҳәрдайым жақсы нийетте жүретуғын адамларда қыйыншылық пенен бирге оның шешими де жеңиллеў келеди, машқаласы қыйыншылықсыз шешиледи.
Усы жерде бир неше усынысларды келтирсек болады:
1. Ҳәр қашан пулға қатыслы финанслық мақсетиңиз унамлы ҳәм анық болсын.
2. Усы мақсетиңизди әмелге асырыў барысында өзиңизде унамлы өзгерислер болып атырғанын ойлаң ҳәм өзиңиз де әлпайым ҳәм ашық кеўилли болың.
3. Умытпаң! Пул - жүдә күшли энергия қуўатына ийе. Оның энергиясынан жақсы мақсетлер ушын пайдаланың!
Топлаған: Гүлайым Қуўанышбаева
👉 @Karlive24 — Информациялық канал