❗️Узақ мүддет ислеген хызметкерге 8 күнге шекем қосымша мийнет дем алысы
✅ Мийнет кодексиниң 220-статьясына тийкар, хызметкерге оның бир кәрханада ямаса тармақта ислеген ҳәр 5 жылы ушын қосымша 2 календарь күнлик мийнет дем алысы бериледи.
📌 Қосымша мийнет дем алысының улыўма мүддети 8 календарь күннен артық болмаўы керек.
❗️Нызамшылықта, кәрхананың жәмийетлик келисиминде, шәртнамаларында ҳәм басқа ишки ҳүжжетлеринде қосымша мийнет дем алысын бериў ушын басқа кәрханалардағы стажын да қосып есаплаў нәзерде тутылыўы мүмкин.
⚠️Егер хызметкер жумыс бериўшиниң усынысы менен жумысқа кирген болса, оған қосымша мийнет дем алысын бериўде оның басқа жерлердеги стажы да қосып есапланады.
☝️Демек, бир кәрханада ямаса бир тармақта ҳәр ислеген 5 жылы ушын хызметкерге 2 календарь күн қосымша дем алыс бериледи. Мысалы, хызметкер 5 жыл ислесе 2 календарь күн, 10 жыл ислесе - және 4 календарь күн, кейинги ҳәр бес жыл ушын солай қосылып барады, бирақ барлығын қосқанда қосымша дем алыстың мүддети 8 календарь күннен артық болмайды.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!