XALÍQ USHÍN ⚖️


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, Ruscha
Toifa: Huquq


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @trillion_uzb
Est. 10.04.2020.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, Ruscha
Toifa
Huquq
Statistika
Postlar filtri


⚡️Нөкисте таза поликлиника шөлкемлестириледи

Нөкис қаласы ҳәкиминиң 14.11.2024-жылдағы қарарына тийкар Нөкис қаласы, “Қутлы мәкан” МПЖ, Сахра көшеси, номерсиз жайда 11-санлы шаңарақлық поликлиникасы шөлкемлестириледи.

Бул қарар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 25.12.2023-жылдағы ПҚ-404-санлы қарары менен тастыйықланған мәнзилли режеге тийкар қабыл етилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


















️⚡️Tek ǵana 1 kún! 22-noyabr kúni idea'da MEGA SHEGIRMELER!

❗️- 70% TECNO Spark Go (4/128) - 179 000 53 700 sumnan
❗️- 70% Realme C30S (2/32) - 179 000 53 700 sumnan
❗️- 60% Redmi 13C (4/128) - 199 000 79 600 sumnan
❗️- 60% Vivo Y17s (4/128) - 229 000 91 600 sumnan
❗️- 60% Redmi Note 13 (6/128) - 299 000 119 600 sumnan
❗️- 70% Artel TV 32" - 159 000 47 700 sumnan
❗️- 70% Artel (HD-276) - 159 000 47 700 sumnan
❗️- 70% Shivaki GAZ - 199 000 59 700 sumnan
❗️- 40% Ssmart TV 43" - 229 000 137 400 sumnan
❗️- 40% Premier (PRM-350) - 499 958 299 975 sumnan ayiga*

*Asıǵıń, aksiya modelleriniń sanı sheklengen! Bul usınıs tek 22-noyabrge shekem ámel etedi!.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-70% SHEGIRME | Instagram | Do'konlarimiz


❓Жумыссызлық напақасы кимлерге бериледи?

💰 Жергиликли мийнет органы (биржа труда) тәрепинен жумыссыз деп тән алынған пуқаралар жумыссызлық напақасын алыўға ҳақлы.

📆 Жумыссызлық напақасы пуқараның жасаў жеринде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен ол жумыс излеўши ретинде дизимге алынған күннен баслап есапланады ҳәм төленеди.

⏳ Жумыссызлық напақасы 12 айдың ишинде көби менен 26 календарь ҳәпте даўамында төленеди. Бунда напақа усы айда алдынғы ай ушын төленеди.

🔰 Жумыссызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:

👉 жумыстан ҳәм ис ҳақысынан ақырғы 12 ай ишинде айырылған пуқараларға
– алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақының 50% муғдарында төленеди. Бирақ бул сумма мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан (1 155 000 сумнан) аз болмаўы ҳәм сол гездеги Өзбекстан бойынша орташа айлық ис ҳақы муғдарынан көп болмаўы керек.
❕Әскерий хызметтен, ишки ислер органларынан, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен, Миллий гвардия органларынан ҳәм басқа әскерий хызмет нәзерде тутылған мәкемелерден босатылған пуқаралар да усы муғдарда жумыссызлық напақасын алыўы мүмкин.

👉 жумыстан және ис ҳақысынан айырылған ҳәм бир жылдан артық тәнепистен кейин жумысқа орналасыўға ҳәрекет етип атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир есеси (1 155 000 сум) муғдарында төленеди;

👉 алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75% муғдарында (866250 сум) төленеди.

❗️Егер жумыссыз пуқара кеселленсе, напақаны оның жақын туўысқанлары (ата-анасы, өмирлик жолдасы, ер жеткен балалары) ямаса исеним хат арқалы басқа шахслар алыўы мүмкин.

☝️Жумыссызлық напақасын алыў дәуиринде пуқара жумыс излеўи ҳәм жумысқа орналасыў ушын жолламаны ямаса кәсипке таярлаў, қайта таярлаў яки маманлығын арттырыўға жолламаны алыў ушын ҳәр еки ҳәптеде бир мәрте жергиликли мийнет уйымына барып турыўы керек. Бул талаплар кеширимли себеплерсиз орынланбаған жағдайда напақа 3 айға шекемги мүддетге тоқтатылыў ямаса напақаның муғдары кемейтирилиўи мүмкин.

♻️ Жумыссызлық напақасынан дәрамат салығы өндирилмейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


🔈Быйыл қайсы қала яки район ҳәкимлиги “Ең белсенди ҳәкимлик” атағына ылайық?
 
💬Халық ушын каналы Kar24.uz сайты менен биргеликте 2024-жылдың ең белсенди ҳәкимлигин анықлаў бойынша таңлаў өткермекте.

✔️Таңлаўда быйыл ең белсенди, халыққа жақын болып, машқалаларын шешиўде ҳәм талапларын әмелге асырыўда жетекши болған, басқаларға өрнек көрсете алған қала яки район ҳәкимлиги анықланады!

👑Таңлаўда жеңимпаз болған қала яки район ҳәкимлиги қымбат баҳалы ҳәм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланады!

☝️Өз районыңыз яки қалаңыз ҳәкимлиги жумысын баҳалаң!
 
⬇️Даўыс бериў ушын төмендеги ботқа кирип старт түймесин басың
👉@kar24uz_tanlov_bot👈

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


❓"Процентке пул бериў" ҳуқықбузыўшылықпа?

✅ Пуқаралық кодексиниң 734-статьясы
на көре, пуқаралар қарызға пул берген жағдайда, қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм тәртипте процентлер алыў ҳуқықына ийе.

❗️
Демек, қарызды проценти менен қайтарып алыў хуқықбузыўшылық емес, яғный нызамда руқсат етилген.

📨 Юристке сораў бериў
👉 @yurist_jardemi

👉 @XALIQ_USHIN - рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар!


⚡️Метан заправкаларда газ бар-жоқлығын онлайн тексерип көриў имканын бериўши қосымша иске түсирилди

“Avto24” - жанылғы қуйыў, газ толтырыў ҳәм электр қуўатлаў шақапшалары ҳаққында мағлыўмат бериўши қосымша тест режиминде иске түсирилди.

Пайдаланыўшылар бул қосымшаны Android ҳәм iOS операцион системалары арқалы ешейин жүклеп алыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар












😁 Endi Smartfonlar - JUZIM bahasında!

🍇 Redmi Note 13 (6/128) - 7 858 sumnan
🍇 Redmi A3 (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 HONOR X8b (8/128) - 9 830 sumnan
🍇 HONOR X7b (8/128) - 8 186 sumnan
🍇 TECNO Spark 30C (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 TECNO Spark Go1 (3/64) - 3 255 sumnan*

*Barlıǵı 12 aylıq múddetli tólewge kúnlik tólew bahası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q,Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.