💰120 млн сумлық турақ жай кредитин алыўшыға қандай талаплар қойылған?
✅ Министрлер Кабинетиниң 21.10.2024-жылдағы 691-санлы қарарына тийкар, кредит алыўшы төмендеги критерийлерге (шәртлерге) муўапық болса ғана оған кредит ажыратылыўы мүмкин:
➖18 жастан үлкен ҳәм 60 жастан аспаған Өзбекстан пуқарасы болыўы;
➖кредитти төлеўге жетерли ҳәм нызамлы дәрамат дерегине ийе болыўы (сол қатарда қыйтақ жери яки дийқан хожалығынан ямаса жеке тәртиптеги исбилерменликтен дәрамат таўып отырған болыўы);
➖қарыз жүги көрсеткиши (айлық төлеп жүрген қарызлары суммасы) қарыз алыўшының барлық кредитлери ҳәм микроқарызлары бойынша орташа айлық төлемлери усы пуқараның орташа айлық дәраматларының 60% нен көп болмаўы;
➖алдын алған кредитлери бойынша мүддети өткен қарыздарлығы болмаўы;
➖алдын ипотека кредитинен ҳәм ипотека кредитлери бойынша субсидиялардан пайдаланбаған болыўы;
➖реконструкция қылынатуғын ҳәм оңланатуғын турақ жай ямаса қуралажақ турақ жайдың жер участкасы усы пуқараға ямаса ол менен бирге жасаўшыжақын туўысқанларынан бирине тийисли екенлиги ҳәм де пуқара усы мәнзилде кеминде 6 ай даўамында турақлы “пропискада” турған болыўы.
🗓 Қарыз жүгин есаплаўда кредит алыўшының орташа айлық дәраматлары муғдары оның ақырғы 12 ай даўамында алған дәраматлары муғдарының орташа арифметикалық муғдарынан кели шығып есапланады.
💡Кейинги постымызда: “Мәкан жетилиги” пуқараға кредит бериў ушын усынысты бериўден қандай жағдайларда бас тартыўы мүмкин?
🔔 Жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар