⚡️Бүгиннен баслап онлайн кредит алған пуқара 48 сааттын ишинде оны өзи алғанлығын тастыйықламағанша пулдан пайдалана алмайды
❗️Мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың басынан бери алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына 463 мәрте 15 млрд сумлық онлайн кредит алынып пуқараларға зыян жеткизилген.
✅ Мине сондай алдаўшылардан пуқараларды қорғаў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен онлайн кредит бериў тәртиби өзгертирилди.
🔰Бул тәртипке көре 2024-жыл 1-ноябрден баслап:
✔️пуқара банктың мобил қосымшасы арқалы онлайн кредит алғанда биометрикалық идентификациядан өтиў талап етиледи (жүзин сканерлеў);
✔️пуқараның кредит тарийхы еки мәрте тексериледи, онлайн кредитке арза бергеннен кейин ҳәм пул ажыратылыўдан алдын. Егер пуқараның қарызы жүдә көп болса яки қысқа мүддет ишинде бир неше кредит алған ямаса қарыз жүги бирден көбейген болса, оған кредит ажыратылмайды яки аз муғдарда ажыратылады.
☝️Сондай-ақ, таза тәртипке бола, пуқара банктың мобил қосымшасынан тазадан өткен болып ямаса алдынғы аккаунтынан басқа телефон (компьютер яки басқа үскене) арқалы кирип онлайн кредит алған болса, бул кредит ажыратылғаннан баслап 48 саат даўамында P2P операциялар (перевод), есап бетлер ҳәм электрон кошелекларға пул өткериў, мобил операторлар арқалы телефон есабын толтырыў, сырт елге пул өткериў ҳәм онлайн валюта алмастырыў операцияларына шеклеў қойылады.
❕Бул шеклеўлерди алып таслаў ушын пуқара 48 саат ишинде банк тәрепинен жиберилген СМС-хабарда көрсетилген телефон номерлерге қоңыраў етип, кредитти алдаўшылар тәсирисиз алғанлығын айтады, банк хызметкери болса, пуқараға қайтадан қоңыраў етип, берилген мағлыўматлары дурыслығын тексерип, қосымша тастыйықлайды.
🚫 Кредит пуллары пуқараның банк картасына өткерилгеннен кейин пул ислетилмеген болса, 48 саат ишинде кредит алыўға арза берген пуқара тәрепинен алдаўшылар тәсиринде бергенлиги анықланса ямаса пуқара СМС-хабардағы номерге қоңыраў етип, қосымша тастыйықлаўшы мағлыўматты бермесе, кредит пуллары банк тәрепинен қайтарып алынады ҳәм кредит шәртнамасы бийкар етиледи.
🗓 Бул таза тәртип 2025-жыл 1-апрелге шекем әмел етеди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар