#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Пәрманға көре, 2025-жыл 1-апрельден "Жаслар дәптери" қорлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса "Ҳаяллар дәптери" қорлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.
2025-жыл 1-майдан "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылады.
2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға берилетуғын бир мәртелик берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасаўшы Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.
Бунда субсидия қәрежетлердиң 90 процент, бирақ БЕМның 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады.
2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы "Инсан" социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Район (қала) ҳәкимликлери жанында "Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық" қорлары шөлкемлестириледи.
Дерек: @huqiqiymalimleme
Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады