#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️️"Космик искерлик ҳаққында"ғы Нызам (ӨРҚ-1017-санлы, 13.01.2025-ж.) қабыл етилди
⚡️ ️
Нызам космик искерлик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
✔️Космик искерликти әмелге асырыўдың
тийкарғы мақсетлеринен бири Өзбекстанның турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына, қорғаныў қәбилетин ҳәм қәўипсизлигин беккемлеўге жәрдемлесиў болып есапланады.
🏢 Министрлер Кабинети космик искерлик тараўындағы
бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
🌎 Космик изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги космик искерлик тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.
📚
Қорғаныў министрлиги мәмлекеттиң қорғаныў ҳәм қәўипсизлиги мәплерин гөзлеген ҳалда, космослық искерлик имканиятларынан пайдаланады, сондай-ақ, әскерий космик технологияларды жаратыў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди.
📁
Космик системалардың түрлери қатарына төмендегилер киреди:
▪️Жерди аралықтан
зондлаў;▪️космик мониторинг;
▪️мәмлекетлик космик мониторинги;
▪️
космик байланыс системасы;
▪️жоқары анықлықтағы жасалма жолдаслы
навигация системасы;
▪️космик системалардың илимий, экономикалық, экологиялық, информациялық ҳәм коммерциялық мақсетлерде, сондай-ақ, Өзбекстанның халықаралық шәртнамаларына муўапық жаратылған басқа түрлери.
📌 Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
📱
Telegram | 📱
Facebook 📱
Telegram | 📱
You tube