#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-17-санлы) қабыл етилди.
Пәрманға көре, 2025-жыл 1-апрельден:
1 "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да усынылады.
Бунда мәдений-ағартыўшылық, билимлендириў, спорт ҳәм туризм илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" қорлары түсимлериниң 25 пайыздан көп болмаған бөлегин қаратыўға рухсат бериледи;
2 "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы социаллық жәрдемлер төмендеги тәртипте көрсетиледи:
– шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген түрде "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады;
– "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан социаллық жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың финанслық жағдайын болса - уйымлараралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автомат тәризде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.
Дерек: @huqiqiymalimleme
Халықты социаллық қорғаў системасы және де жетилистириледи