#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Қарарға көре:
2025-жыл 1-февральдан баслап кәсиплерге оқытыў мақсетинде ажыратылатуғын стипендиялар майыплығы болған шахсларға, сондай-ақ, мүддети 3 айдан аслам болған оқыў курсларына қабыл етилген Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың жумыссыз ағзаларына төленеди.
2025-жыл 1-майға шекем жумыссыз халықты, соның ишинде, тийкарынан кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша ваучер системасы енгизиледи.
Бул система 2025-жыл 1-февральдан Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында сынақтан өткериледи.
Мәҳәллелерде кәмбағал шаңарақ ағзаларының жумыс ислеў қызығыўшылығын ҳәм интакерлигин арттырыўға қаратылған "Абадан турмысқа биринши қәдем," "Ишонч" жойбарлары ҳәм "Ағартыўшылық арқалы кәмбағаллықты қысқартыў" бағдарламасы әмелге асырылады.
Дерек: @huqiqiymalimleme
Кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша ваучер системасы енгизиледи