Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Беруний районында көп қабатлы жайдың төбеси күшли самал ақыбетинде ушып кетти
2025-жыл 3-март күни саат 06:40 шамасында 17 м/с (60 км/саат)
тезликте ескен самал ақыбетинде Беруний районы «Наўрыз» МПЖ Төрткүл шах көшеси бойында
жайласқан 102-көп қабатлы жайдың шама менен 750 кв.м. майданында туника шифер бастырмасы ушып,
жерге түскен.
Нәтийжеде көп қабатлы турақ жай алдында турған Nexia-2, Spark, Damas ҳәм Lifan электр мотоциклы үстине түсип автомобильлерге зыян жеткен.
Бул көп қабатлы жай 1973-жылы қурылған болып, 2018-жылы төбеси туника шифер менен қапланған.
Ўақыя орнында Беруний районлық АЖБ тәрепинен тазалаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәдийсе ақыбетинде дене жарақатын алған пуқаралар жоқ.
Сондай-ақ, жағдай бойынша арнаўлы жумысшы топар тәрепинен жеткерилген зыян анықластырылып, қысқа ўақыт ишинде жәрдем бериў ҳәм тийкарғы жағдайға қайтарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында