НЕ ЖАҢАЛЫҚ?


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


⚡️Қарақалпақстанлы 2 қыз «Зулфия» сыйлығы менен сыйлықланды

Туремуратова Бийбиназ Кенесбай қызы ─ Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты (Қарақалпақстан Республикасы)

Ибрагимова Шахзада Алишер қызы ─ Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң көркем гимнастика бойынша тренери (Қарақалпақстан Республикасы).

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Беруний районында көп қабатлы жайдың төбеси күшли самал ақыбетинде ушып кетти

2025-жыл 3-март күни саат 06:40 шамасында 17 м/с (60 км/саат)
тезликте ескен самал ақыбетинде Беруний районы «Наўрыз» МПЖ Төрткүл шах көшеси бойында
жайласқан 102-көп қабатлы жайдың шама менен 750 кв.м. майданында туника шифер бастырмасы ушып,
жерге түскен.

Нәтийжеде көп қабатлы турақ жай алдында турған Nexia-2, Spark, Damas ҳәм Lifan электр мотоциклы үстине түсип автомобильлерге зыян жеткен.

Бул көп қабатлы жай 1973-жылы қурылған болып, 2018-жылы төбеси туника шифер менен қапланған.

Ўақыя орнында Беруний районлық АЖБ тәрепинен тазалаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәдийсе ақыбетинде дене жарақатын алған пуқаралар жоқ.

Сондай-ақ, жағдай бойынша арнаўлы жумысшы топар тәрепинен жеткерилген зыян анықластырылып, қысқа ўақыт ишинде жәрдем бериў ҳәм тийкарғы жағдайға қайтарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


НЕ ЖАҢАЛЫҚ?


🌙 Бүгин Рамазан айының 3-күни

🟢 18:51 ➖ Төрткүл
🟢 18:52 ➖ Елликқала
🟢 18:54 ➖ Беруний
🟢 18:54 ➖ Тахтакөпир
🟢 18:55 ➖ Қараөзек
🟢 18:56 ➖ Әмиўдәрья
🟢 18:57 ➖ Шымбай
🟢 18:57 ➖ Мойнақ
🟢 18:57 ➖ Кегейли
🟢 18:58 ➖ Нөкис
🟢 18:58 ➖ Тақыятас
🟢 18:58 ➖ Хожели
🟢 19:00 ➖ Қанлыкөл
🟢 19:00 ➖ Шоманай
🟢 19:06 ➖ Қоңырат

🟢 Аўыз ашыў дуўасы
Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.
Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Россиялы синоптиклер Өзбекстанда март айы суўық болыўын болжады

Росгидромет синоптиклери март айында Өзбекстанда орташа айлық ҳаўа температурасының нормасы көп жыллық климатлық нормадан 1 дәреже төмен, яғный «суўық» болыўын прогноз етти.

Бирақ, Өзбекстанда ай даўамында «нормадан көп» жаўын-шашын болыўы күтилмекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


СТОП ДИАБЕТ | НО ДИАБЕТ dan repost
#Тезкор

ОНАМ САХАР САБАБ ВАФОТ ЭТГАН… АВВАЛРОҚ БИЛГАНИМДА ЭДИ!

Минглаб ҚОРИ шогирди бор бўлган Андижонлик Абдужалол қори дада айнан сахар касаллигига ШИФО топиш ҳақида гапириб ўтдилар!

Батафсил: +998555030505

Видеони албатта кўринг!

https://youtu.be/gfTbLK6wSMk
https://youtu.be/gfTbLK6wSMk


❗️ Енди сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды

📑 2025-2026-оқыў жылындағы қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

☑️ Яғный, енди қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, сол бағдарға тек ғана сертификаты барлар ҳүжжет тапсыра алады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️Азиз Ташпулатов Ишки ислер министри лаўазымына тайынланды

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️Полат Бабажанов Ишки ислер министри лаўазымынан азат етилди

Ол 2017-жыл сентябрьден берли Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри лаўазымында ислеп киятырған еди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Бүгин саат 09:00 ден баслап ипотека кредитлери ушын субсидия алыўға арзалар қабыллаў басланады

Арзаларды
🔹Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей барған ҳалда
🔹ямаса "my.gov.uz" порталындағы усы силтеме арқалы тапсырыў мүмкин.

❗️Субсидия алыў ушын, арза бериўшиде, сондай-ақ, оның өмирлик жолдасының атында республиканың барлық аймақлары көлеминде мүлк ҳуқықы менен турақ жайы болмаўы керек.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


«КҮТИЛМЕГЕН СЮРПРИЗ» жәмәәтинен зор жаңалық!

8-март байрамына да аз ўақыт қалды. 8-март – аналарымызды, ажапа-қарындасларымызды, устазларымызды ҳәм сүйикли инсанларымызды қуўантыў ушын ең жақсы күн.

«КҮТИЛМЕГЕН СЮРПРИЗ» жәмәәти сизлерге жақынларыңызды қуўантыўда жақыннан жәрдем береди. Биз сизлерге бир-биринен әжайып саўғаларды, өзиңиз қәлегендей етип таярлап ҳәм қәлеўиңиз бойынша доставка етип беремиз.

Қалаберсе, шет елде жүрген жерлеслеримизге қолайлық жаратыў мақсетинде VISA CARD арқалы төлемлерди де жолға қойдық. Енди сиз сырт елде жүрип жақынларыңыз ушын күтилмеген сюрприз шөлкемлестирсеңиз болады.


Телеграм: @LawyerFemida
Канал: @kutilmegen_syurpriz


Өзбекстанда 2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендеги педагоглар мәжбүрий аттестацияға тартылмайды:

▪️жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғанынан соң усы категорияны (лаўазымды) 15 жыл даўамында сақлап келгенлер ҳәм де үзликсиз жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️жасқа байланыслы пенсияға шығыўына 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалғанлар;
▪️педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған пенсия жасына толған педагоглар.

Оларға әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы) бойынша ҳақ төленеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


⚡️Халық аралық автомобиль жолында музғалаққа қарсы қум-дуз араласпасы себилмекте

А380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Қанлыкөл районы аймағынан өткен 831-861-км бөлегинде қардан тазалаў, қум-дуз араласпасын себиў жумыслары алып барылмақта.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️ҲҮРМЕТЛИ АВТОТРАНСПОРТ БАСҚАРЫЎШЫЛАРЫ!

Ҳәзирги ўақытта республикамызда ҳаўа райы өзгерип, қар жаўып, жерлер тоңлаўына байланыслы жолларда тезликти асырмаў, жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде ҳәрекет қәўипсизлигине қатаң әмел етиўиңизди сорап қаламыз.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❄️ Бүгин түнде Қарақалпақстанның айырым аймақларында қалың қар жаўды

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📆 3-март 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы

Бүгин Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Сондай-ақ, айырым жерлерге думан түсиўи күтиледи. Самал батыстан 9-14 м/с тезликте, айырым жерлерде 15-20 тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15°C суўық, күндиз 0-5°C суўық болады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🗒 3-март    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
➖ Пүткил дүнья жүзилик жазыўшылар күни

📖 Ўақыялар
➖ 1921-жылы Фредерик Бантинг инсулинди ойлап тапты;
➖ 1924-жылы Османли империясы тамамланды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🌙 Бүгин Рамазан айының 3-күни

🔴 06:07 ➖ Төрткүл
🔴 06:08 ➖ Елликқала
🔴 06:09 ➖ Беруний
🔴 06:11 ➖ Тахтакөпир
🔴 06:12 ➖ Қараөзек
🔴 06:12 ➖ Әмиўдәрья
🔴 06:13 ➖ Шымбай
🔴 06:13 ➖ Мойнақ
🔴 06:13 ➖ Кегейли
🔴 06:14 ➖ Нөкис
🔴 06:14 ➖ Тақыятас
🔴 06:14 ➖ Хожели
🔴 06:16 ➖ Қанлыкөл
🔴 06:16 ➖ Шоманай
🔴 06:22 ➖ Қоңырат

🔴 Аўыз жабыў дуўасы
Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.
🔴 Мәниси:
Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында



19 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.