#Qaraqalpaq_tilinde
🔰 Түсиндирме сөзликтен
📌 САБАЯҚ атлық
ℹ Ағаш қуты, тумбочка.
Мен келгенде Мийирхан сабаяқтың алдында ақ сүпке қыйыўлап кесте тигип отыр екен (Ө.Хожаниязов).
📌 САБЫҚ атлық
ℹ Ҳасыл туқымлы өсимлик, шатыстырылған нәл.
Мен - гибрид, сабық нәлден көгерген (И.Юсупов).
📌 САҒАНАҚ атлық
1. Алқым, мойын.
2. Керегениң ағашы, керегениң яки қапының ашық жери.
📌 САҒАТ
1. Саат.
2. келбетлик; Қатал, төмен, қатты, бийтақат.
📌 САҒАТЛАЎ кел.
ℹ Қолайсызлаў, жағымсызлаў.
Базы биреўлер сағатлаў ҳалда жатыр,... (Т.Қайыпбергенов).
📌 САЗЫЎАР кел. (UZ: сазовор)
1. Тап болыў, ушырасыў, дусласыў.
Бул меңиреў майданда қуллардай гезип, бабаларым дәртке болды сазыўыар (Ж.Аймурзаев).
2. Турарлық, ылайық, минасип.
3. Аўыспалы мәниде. Қуштар, қумар.
📌 СӘРЎАР
1. атлық; Жолдас, басшы, жол басшы, басқарыўшы, сәрдар.
Қублагаҳым сәрўарым, Тириме едиңиз дүньяда? ("Мәспатша"). Қызлардың ишинде сенсең сәрўары, Жүзлериң қырмызы мәҳи әнўары (Әжинияз).
2. Сәрдар.
📌 СОНАР атлық
1. Аңшылық, аң.
Саўға инам еткен ўақытта сонардан өзи олжалы қайтқандай мардыйды (К.Султанов).
2. Жаңа жаўған қалың қар.
❗️Демек, 5-ҳүт күни жарыяланған сораўдың жуўабы: сонар.
🔗 https://t.me/miraddinmiriad/669
📚 Дерек: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 4-том. О—Я. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1992, 158, 159, 162, 192, 214-бетлер.
#Túsindirme_sózlik