Не ушын оқыў керек?
(ҳәзил-шыны аралас)
Зимбабада банкке бастырып келген қуралланған басқыншы банктегилерге төмендегише мүрәжат етти: «Қыймылдамаң. Ақша мәмлекетке тийисли. Сизлердиң өмириңиз өзлериңизге тийисли, өзлериңизди ойлаң». Бул сөзден соң банктеги ҳәмме тынышланып, өз орнынан қыймылдамай қалды. Бул усыл “Пикирди өзгертиў концепциясы” деп аталады (Mind Changing Concept). Яғный, қәлиплесип қалған пикирлеўди өзгертиў.
Банктеги бир ҳаял көйлегиниң етеги сәл ашылып столға жатқанда, басқыншы оған былай деди: “Өтиниш, әдеп сақласаңыз! Бул зорлық емес, басқыншылық!” Бул «Профессионаллық» дегенди билдиреди. Итибарды тек ғана тийкарғы мақсетке қаратыў!
Басқыншылар үйине аман-есен қайтып келгеннен соң олардың кишкенеси (Жоқары мағлыўматлы диплом ийеси) үлкенине: «Аға, қанша пул тапқанымызды санамаймыз ба?» деди. Жасы үлкен басқыншы оған: «Сен ахмақ екенсең. Сонша ақшаны санап шығыўға канша ўақыт кететуғынлығын билесең бе? Кешке шекем шыдасақ, барлық телеканаллардан биз қанша урлағанымызды айтады!» деген екен. Бул «Тәжирийбе» дегенди билдиреди. Бизиң заманымызда тәжирийбе ҳәр қандай қатты қағаздан үстем!
Басқыншылар кеткеннен соң банк басқарыўшысы бөлим баслығына тез полиция шақырыўды сорады. Бирақ бөлим баслығы оған: «Асықпай турың! Ҳәзир өзлеримиз де 10 миллион доллар алайық, сөйтип алдын жеп қойған 70 миллион долларды да усы менен жаўып жиберейик» дейди. Бул «Ағыс пенен жүзиў, жағдайдан пайдаланып қалыў» делинеди. Унамсыз жағдай болса да өзиңиздиң пайдаңызға жумсаң!
Банк басқарыўшысы бул пикирди еситип: «Ҳәр ай басқыншылық болып турса зор болады екен» деди. Өйткени, жеке өмирдеги бахыт – мәмлекетлик жумыстан әҳмийетлирек.
Сол күни кеште барлық телеканаллардан еки қуралланған басқыншы тәрепинен банктен 100 миллион доллар урланғаны айтылды. Бийшара басқыншылар урлаған ақшасын қанша санаса да, 20 миллион доллардан зыятын таба алмады. Басқыншылар ашыўланып, тоңқылдана баслады: «Бизлер өз өмиримизди қәўип астына қойып, 20 миллион доллар урладық. Банк басқарыўшысы қараптан-қарап 80 миллион долларлы болды. Оқымай басқыншы болғаннан, оқып банктиң баслығы болыў керек екен!» Бул "Билим – алтынға тең!" дегенди билдиреди.
Басқа каналларға тарқатсаңыз, дерек көрсетиўди умытпайық. Бул “Басқаның мийнетин баҳалаў” дегенди билдиреди.
@ziya_nuri
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал