МЕРЎЕРТ


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: San’at


Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.]
📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим
Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=
Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Быйыл бәҳәр кеш келеди деседи...

@yumorbek_orayi

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Дыққат_таңлаў

Ҳүрметли IT тараўына қызығыўшы жаслар. Усы жылдың 1-март сәнесинен баслап Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен 🛖 «Қара үйдиң ең жақсы 3D модели» атамасындағы таңлаўына старт берилди.

Таӊлаў бир басқышта тек Қарақалпақстан Республикалық басқышын өткериў белгиленген.
Бунда;
1-20-март күнлери аралығында таӊлаў қатнасыўшылары дизимге алынады;
25-31-март күнлери аралығында таӊлаў қатнасыўшыларына қара үйдиӊ 3D моделин ислеп шығыўда түсиник бериў ушын семинар өткериледи;
1-апрель ҳәм 1-ноябрь күнлери аралығында қатнасыўшылар тәрепинен исленген дөретиўшилик жумысларын қабыллап барады;
2-20-ноябрь аралығында таӊлаўды шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеӊимпазлар анықланады.
1-декабрь күни “Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн” байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрамы кешесинде жеӊимпазлар мүнәсип сыйлықланады.
Таӊлаў жеӊимпазлары:

1-орынға 50 000 000 миллион,
2-орын 20 000 000 миллион,
3-орын 10 000 000 миллион,
«Төрешилер қурамыныӊ арнаўлы сыйлығы», «Таӊлаў жаӊалығы» номинациялары ҳәр бирине 1 500 000 миллион сўм менен сыйлықланады.

☎️ Мағлыўмат ушын телефонлар:
(61) 224-12-61
(97) 655-66-20
(97) 220 20 88
(93) 369 39 69

@ziya_nuri

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Бәҳәр келди

📝Толыбай Қабулов
🎼Шарапатдин Пахратдинов
🎤Базаргүл Кәримова


Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

309 0 13 2 10

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ТАҒАМЛАР АЙТЫСЫ

Бүгин Қарақалпақ этно аўылында болған "Жүўери гүртик" байрамында бирнеше жас қәлем ийелери халыққа кеўилли байрам кейпиятын үлести.

Әбдирәшид Исмайылов,
Бекберген Әдилбаев,
Гөззал Жумамуратова,
Саҳыпжамал Сырғабаева,
Аллаяр Дарменов.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Онлайн

Қарақалпақ этно аўылында болып өтип атырған "Жүўери гүртик" байрамынан көринислер.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Қутлықлаў
#Маэстро

Бүгин, 25-февраль Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, устаз композитор, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдиновтың туўылған күни.
Бүгин ол өзиниң 74 жасын қарсы алмақта.

«@Merwert_uz» каналы жәмәәти маэстроны бүгинги туўылған күни менен қутлықлап, терең денсаўлық, узақ өмир, шаңарағында аманшылық, дөретиўшилигинде табыслар тилеймиз.


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


🎉25 - февраль — ЖҮЎЕРИ ГҮРТИК КҮНИ

✍️Базарбай Серекеев;
🖼“Тойға таярлық”; 1987-жыл.



@museumsavitsky

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гуртик" күни!

Байрамымыз қутлы болсын, Ўатанласлар!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


ЕКИ ҚОСЫҚ ТАРИЙХЫ…

Үлкен алымлардың ҳәм лаўазымлы адамлардың көркем әдебият пенен қызықсынып жасаўы олардың руўхый дүньясын байытатуғыны, камалатлы шахс болып жетисиўине жәрдемлесетуғыны мәлим. Чаржаўдың (Ч.Абдиров) интелектуаль тәбияты буны жақсы сезер еди. Ол поэзияны, әсиресе юмор суўы жуўыртылған қосықларды сүйгенинен хабарым бар. Соны есапқа алып, базда арнаўлы түрде оған қысқа эпиграммалар, ҳәзилнама қосықлар жазып беретуғын едим (Ўақыялар шайыр И.Юсуповтың тилинен баянланбақта).
Екеўмиз бир жерге бармақшы болып, университет ректорының кабинетине келсем, ол бир аспирант пенен қатты ўәжлесип атырғанын көрдим. Чаржаўдың усынысы менен кабинеттеги басқа стол жанында отырып тыңласам, қарап сөйлеп атырған жигит өз ўақтында кандидатлық диссертациясын питире алмай, аспирантлық мүддетин үшинши мәрте созыўды талап етип атырғанын сездим. Қарап отырмай, ол жерде төртлик туўылды:

Ислемеген басты қыйнап терлеме,
Атларға урмасын ешектиң шаңы,
Алма түскен менен ақмақ геллеге,
Ашыла бермейди Ньютонның заңы…

Чаржаў қатты кеўилленип, күлип, төртликти столындағы айна астына қойды ҳәм бәрҳәма оны айтып жүрди.

Оның төс қалтасында барлық ўақытта қызықлы қосықлар жүретуғын еди. Әсиресе «Қарақалпағым» деген аноним қосықтың түрли қолжазба вариантлары тозып қалғанша Чаржаўдың қойын қалтасында жүрди. Бул үзилмей жаңарып барыўшы авторсыз қосықтың шығыў тарийхын да ел билер еди. 1949-жылы «XXV жыл» деген альманахта Халмурат доктордың (Оразымбет ағаның) «Қарақалпағым» деген қосығы шыққан. Онда «ўақтында дем ал, ўақтында аўқат же, қарақалпағым» дегендей, шыпакерлик ўәсият айтылған еди. Ал, алпысыншы жыллары жәмийетлик турмыстағы кемшиликлерди қысқа, сатиралық мәниде шәшликтей түйрейтуғын, өткир дәлкеклеўши «Қарақалпағым» деген цензурасыз қосық пайда болып, ол «Турдыбай шайыр» лақабында таралды. Ондай шайыр ҳаслында жоқ еди. Қосық шығарыўшы аңлаўымызша, академия филиалындағы бир қанша тили епли қасымкер илимпаз жигитлер болып шықты. Оны «Ешек дәптер» деп атасар еди.
Қосық барған сайын күшейип, өткирлесип баратырса керек, орган шуғыллана баслады ҳәм жуўмағында обкомның бюросына әкелинди. «Ҳәзир «Ешек дәптер»ди додалаймыз» деп сыбырлады денсаўлықты сақлаў министри Чаржаў Абдиров мени түртип.

Қосық болған соң әлбетте жини бизге түседи ғой. «Қәне, бул орсақы қосықтың сен қай жерин жаздың? – делинди бизге.
Бул фольклор – аноним қосық екенин, оның авторлығын юридикалық жақтан биреўдиң мойнына қойыў мүмкин емеслигин, буны бюрода қараўға болмайтуғынын, оның орнына бул «орсақы» қосықта айтылған кемшиликлер ырас болса, оларды дүзеўимиз кереклигин айтқан болдым.

- Қәне сен не дейсең? – деди Чаржаўға. – Мениңше де солай етсек мақул болады, -деди Чаржаў Абдирович. – Буны бюрода қарапты деп еситсе, қосық буннан да «өткирлесип» кетиўи мүмкин. «Көп аўыз не демейди, бәри сабан жемейди» деген.
- Нақыл менен сөйлеўин қара… Шайырлығың болмаса да, сен де қарық емессең, қосықтың бир жағында барсаң. Отыр, - деп күлкисин жасырыўға тырысты обком секретары. Ҳәм қосықты бюро мәжлисиниң күн тәртибине киргизген идеологиялық секретарға: «Сениң буннан басқа жумысың жоқ па, әкет қосығыңды» деп ашыўланды ақсақал.

Ертесине кеште, жыйналыс баҳанасы менен Ташкентте болып, «Өзбекстан» мийманханасында Чаржаўдың жайында ушырасып, «Ешек дәптер»де не жаңалық бар? - десип күлиссек, Чаржаўдың қалтасынан еки куплет, Сабыр аға Камаловтан бир куплет, Марат Нурмухамедовтан бир куплет «жаңалық» шықты. Сабыр Камаловтан шыққан «жаңалык» мынадай екен: бул биймаза қосықты органның қатнасыўында алымлар арасында қызғын додалап отырғанда, бир жапырақ қағазда усыныс түсипти. Жыйналыс ағасы Сабыр Камалов оны жәрияламай кисеге урған екен:

Алымларың сениң не десең қайыл,
Гәпти созғанлардың ақылы зайыл
Усыныс етеди Турдыбай шайыр,
Жарыс сөзди тоқтат, қарақалпағым…деп жазылыпты.

И.Юсуповтың «Қуслар қайтып келмейди» мақаласынан үзинди.
«Еркин Қарақалпақстан», 1998-жыл, №141

Есимқан Қанаатов таярлады.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


МИРАТНАМА КИТАП Б.ГЕНЖЕМУРАТОВ.pdf
256.4Kb
Әзиз Әдебият шайдалары!

Сизди Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтың «Абыржы» (қосықлар ҳәм поэма) китабының презентациясына мирәт етемиз.

Кеше 2025-жыл 22-февраль күни саат 15:00 де Университеттиң руўхыйлық мәжилислер залында болып өтеди.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Және бир фраза тарийхы: Халқымызда "Қойсаң-ә, сол Ғурбаныйдың ғобызын" деген гәп бар.

Хийўа ханы мерез (сифилис) кеселлигине шатылады. Оған тәўиплер "40 жас қыз бенен қосылсаң, аўрыўыңнан айығасаң" деп ҳайўанларша (ҳайўан да олардан жақсырақ) ем буйырады.

Хийўа ханының қатынек (ханның ҳаялларының хызметиндеги пиштирилген еркек) жәрдемшиси Ғурбаный қолына ғобыз алып, аўылларды аралайды екен. Халық ол ўақта ханның қыз салығынан хабар таўып қызларын үйинде көрсетпей сақлайды.

12-13 жасар қызлар еле бала ғой, көшеде ғобыздың сестин естип, қызығып қорадан бойын созып қарайды. Сол ўақта Ғурбаный кимниң үйинде қыз бар екенлигин билип, белгилеп алады екен. Кейиннен хан сол үйге шабарманларын жиберетуғын екен.

Хожелидеги қыз салығы менен байланыслы аса қайғылы ўақыяларға да сол Ғурбаный себеп болған болса керек.

Есимқан Қанаатов

Мағлыўмат автордың фейсбук бетинен алынды.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


📢🔊 ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА!!!

⚡️ Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған Қарақалпақстан «Бердақ» жәмәәт фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы грант жойбары тийкарында баспадан шыққан «Қарақалпақ халқыныӊ кәсип түрлери. Ақ отаў» атамасындағы китаптыӊ презентациясына бәршеӊизди МИРӘТ ЕТЕМИЗ!

Өткерилиў ўақты ҳәм орны:

2025-жыл 21-февраль күни саат 11:00
Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи


@adebiyatmuzeyi

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Бир фраза тарийхы

Халық арасында "Қурбақа жуттырсаң да айтпайман" деген фраза бар. "Қурбақа жуттырыў" фразасының келип шығыў тарийхы жан түршиктирерлик.

Бухара әмири Сыр бойындағы қарақалпақ аўылларына атланыс жасап, жас жигитлерди тутқынлыққа алып келетин болған. Олардан өлим жазасына буйырылғанларға өлимниң үш түри усынылатуғын болған: дарға асыў, басын шабыў және қурбақа жуттырыў.

Өлимге буйырылғанлар мынаўсы аңсатырақ ғо, узағырақ тири қала аламан ғо деп қурбақа жуттырыўды таңлаған.

Қурбақа суўда да, қурлықта да жасай береди ғой. Асқазанда узақ ўақыт сақланғаннан кейин кислород жутыўға сыртқа шығыўға умтылады, яғный асқазанды тырнай баслайды.

Қурбақаның азабына шыдай алмаған өлимдар әмирден я дарды, я басын шабыўды жалынып сорайды екен сонда.

Есимқан Қанаатов

Мағлыўмат автордың фейсбук бетинен алынды.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


O‘zbekiston Yozuvchilar uyushmasi dan repost
YUZ YOSHGA YUZLASHAYOTGAN ADIBA

O‘zbekiston Yozuvchilar uyushmasi aʼzosi, Qoraqalpog‘iston xalq yozuvchisi Gulaysha Yesemuratova tavalludining 95 yilligi munosabati bilan bir guruh shoirlar, yozuvchilar, davlat va jamot arboblari qaryib yuz yoshga yuzlashayotgan adiba xonadoniga borib, uni tabarruk yoshi bilan muborakbod etdi.

Davomi...

Давоми...


#Архив_сүўретлер

📜Жас шаңарақ ийелери академик Марат Нурмухамедов ҳәм Вероника Соколова, академик Сабыр Камалов ҳәм жазыўшы Гүлайша Есемуратовалар. (Коляскада жатырған бөпе Мариника Бабаназарова). 1955-жыл.


Сүўрет "Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы, мәденияты" фейсбук бетинен.

@QRARXIV

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
"Қарақалпақстан" телеканалының "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, ардақлы нураный Гүлайша Есемуратова менен болған сәўбетти нәзериңизге усынамыз.

Апамызға еле де узақ, бахытлы өмир, беккем денсаўлық тилеймиз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

16 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.