Соң оны нағыс деп түсинип "суў нағыс", "тышқан изи" деген атлар қойған. Кесте тоқыўдың бир неше усылы болған. Ушығаның бетине исленетуғын нағыслар "илме", "жона тигис", "қуртартым тигис" деп аталған. Бул усылда нағыс бир-бирине тийип туратуғын еки сабақ пенен исленеди. Бунда өсимлик тәқилетли нағыслардың, қайысқан жапырақ ямаса шақалардың, гүл ямаса ғумшаны нәзик етип көрсетиўге болады. Кестешилик өнериниң үшинши усылы терис қайыў деп аталады. Ол диагонал қатар түринде исленеди. Терис қайыў усылында тоқылған нағыслар гезлемениң бетинде жүдә сулыў ҳәм дөнип туратуғын жипек көринис пайда етеди. Буннан тийкарынае қызыл киймешек ҳәм шай қалталарды тоқығанда пайдаланған.
Қарақалпақ кестешилик өнериниң терис қайыў усылында ең сулыў ҳәм көркем түрде тоқылған буўымы~бул ШАЙ ҚАЛТАЛАР болып табылады. Шай қалталар қызлар тәрепинен тоқылып, тийкарынан, яғный, болажақ өмирлик жолдасына арналып тоқыған. Нәзик тәбиятлы қыздың пәк сезими шай қалталарда тоқылған нағыста көринген.
Шай қалта ушын қолдан тоқылған көк реңли, көбинесе жолақлы бөзден пайдаланған. Юул гезлеме бир ўақыттың өзинде ҳәм фон, ҳәм нағыс пайда ететуғын тигистиң тығыз ҳәм бир тегис орынланыўын тәмийинлеп, гезлемениң фонын толық қаплаў мүмкиншилигин береди. Шай салып қойыўға қарақалпақлар хожалығында кең тарқалған ҳәм қолланылған. Шай қалта күйеў бала ушын да арнап тигилген. Сол дәўирлерде қарақалпақ жигитлери өзи менен шай салынған нағыслы шай қалтаны ҳәм қант алып жүрген. Оларды мийман болып барған үйге берген. Шай қалтада қызыл реңлер басым болып келеди. Әййемги дәўирлерде қызыл рең қанның реңи менен теңелип, өмирди, күш жигерди аңлатқан ҳәм соның менен бирге онда айрықша сыйқырлы күштиң [жасаптыў, тирилтиў, тазартыў] барлығын да көрсеткен. Қызыл реңли сабақлар тек гезлемеде емес, ал, кестешиликте де үстин болған. Көбинесе, кийимниң шетлерине, сондай-ақ, кийимниң айрым бөлеклеринде кишкене детальларға қызыл реңли нағыслы жийек қоса тигилген. Реңлер алмасыўы төмендегише болады. Қызыл-жасыл, қызыл сары, қызыл-көк ҳәм тағы басқа, бунда жасыл рең өсимлик дүньясының тымсалы болып, бәҳәр паслын, өсимликлер реңин аңлатады. Сары рең, басқа халықлардағы сыяқлы, қарақалпақ кестешилигинде жақтылық [қуяш, ай, жулдызлар] рәмзи. Ақ рең, муқәддеслик белгиси. Қоңыр рең жер тымсалы, ал жер болса тоқшылық дереги болып саналады. Шай қалтадағы тоқылған сабақлар реңиниң өзине тән белгиси бар. Реңли сабақлар менен араласып тоқылса, буйымның да сәнли болып шығыўына түртки болады. Музейлерде сақланып атырған шай қалталар өз заманында усы шеберлиги менен өмирден орнын таўып "епли" келин болған шебер апаларымыздан естелик болып қалған буйым сыпатында тамашагөйлерде қызығыўшылық оятады.
Ата-бабалар мийрасын қайта тиклеўге жоқары итибар берилип атырған бүгинги күнде музейлерде сақланып атырған шай қалталардың нағысларын заманагөйлестирип сувенир буйымлар исленип, кесте өнерине қызығыўшы қызлардың қатары күннен-күнге көбейип атырғаны қарақалпақ кестешилигиниң әсирлерден-әсирлерге өтетуғын мәңгилик өнер екениниң дәлили болып есапланады.
Нәбийра ДӘЎЛЕТБАЕВА
И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң этнография бөлиминиң илимий хызметкери.
t.me/kketnografiya