ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
«ЕНШИ БЕРИЎ ДӘСТҮРИ»
Қарақалпақ халқының ең бир жақсы ъәм қоңсылас халықларға қарағанда әдеўир өзгешеликлери менен айрылып туратуғын дәстүрлериниң бир~«енши бериў».
«Енши бериў»~мазмуны ҳәм түри жағынан бирнеше түрге бөлинеди:
1.Шаңарақта жас нәресте дүньяға келгенде, дайы журты туўылған жас нәрестеге «енши атайды». Еншиниң түри--қой, мал, тай ъәм тағы басқа болып, дайы журтының мүмкиншиликлерине қарай мал түрлериниң қәлегени аталады.
Гейпара ўақытларда баланың қулағына жара шықса,--«дайысы еншисин бермеген ғой, дайысының ултарағын күйдирип бас»--деп айтып атырғанлары да, соны көрсетеди:--дайы тәрептиң енши бериў, бермеўи де сынақлы екенлигин.
2.Шаңараққа келин түсирилип, сол келин қазан-табақты, қонақ күтиўди ъәм басқа да хожалық жумысларын меңгерип кете алатуғынына, хожалық баслығы болатуғын баласының өз хожалығын жақсы басқаратуғынлығына көзи жеткен ата-ана жас ерли-зайыплыларды бөлек шығарады. Бөлек шығарғанда өз алдына отаў тигип, алдына малын салып, үй-руўзыгершилигине керекли дүнья-мүлкин берип өз алдына шаңарақ етиўи--«еншисин берип бөлек шығарыў»--деп аталады.
Қыздың ата-анасы да турмысқа шыққан қызына «еншисин атап» мал береди. Бул жерде «қыздың жасаўы» буған кирмейди. Себеби, "жасау бериў" басқа, "енши бериў" басқа, бул еки дәстүрди бир-бирине шатастырмаў керек.
3.Жас шаңарақ қуралған ўақытта «мурындық ата-ене» сайланатуғыны жөнинде бурын айтып өткен едик. Бул жерде айтпақшы болғанымыз: Жас шаңарақ өз алдына отаў тигип бөлек шыққанда, "мурындық ата-ене" де өз перзентлери болып есапланатуғын улы ҳәм қызына тийисли еншисин беретуғын болған ҳәм бул дәстүр ҳәзирги күнлеримизде де бар.
Бул дәстүрди халқымыз жаңа қуралған шаңарақтың тез аяққа турып, қатардағы хожалық болып кетиўи ушын жәрдем бериўи, ғамхорлық көрсетиўи нәтийжесинде келип шыққанлығын көриўге болады.
Жас шаңарақтың қуралып, жақсы шаңарақ болып кетиўине тек ата-анасы ғана емес, ағайин-туўған, аўыл болып көмеклесиў, жас шаңарақтың түтининиң дүзиў шығыўы ушын ғамхорлық көрсетип, оларды бәрқулла дыққат--итибарынан шетте қалдырмаған.
«Енши бериў»--дәстүри усындай ғамхорлықтың айқын мысалларының бири.
Shahzoda Allamuratova
t.me/shahzoda_allamuratova