#Сораў_жуўап
ЎӘДЕНИ ОРЫНЛАМАЎ ГҮНА МА?
Сораў: Кимгедур қандайда бир нәрсени ўәде етип ямаса бүгин таяр болады деп айтылған ўақытта қылып бере алмасам, айтқан сөзимниң үстинен шыға алмасам, буның ҳүкими қандай болады? Жуўап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Мусылман адам ҳарам болмаған қандайда бир иске ямаса нәрсеге ўәде берсе, ўәдесиниң үстинен шығыўға имканияты жеткенше ҳәрекет етиўи тийис. Бир адам ўәдесиниң үстинен шығыў нийетинде ўәде берип, қандайда бир үзир себепли ўәдесин орынлай алмаса, гүнакар болмайды.
Зайд ибн Арқам разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Инсан бирәдарына ўәдесине опа қылыў нийетинде ўәде берсе, лекин ўәдесине опа қыла алмаса, ўәделескен жерге келе алмаса, ол адамға гүна жоқ", деди. (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).
Бирақ, ўәдени орынлаўда ериншеклик қылса ямаса орынламаў нийетинде ўәде берсе, қатты гүнакар болады. Себеби ўәде берип, үзирсиз оны орынламаў шәрий тәрептен ҳарам ис болып, еки жүзлилик белгиси ("Мирқот ул-Мафатиҳ" китабы). Ўаллоҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook