#сораў_жуўап
НАМАЗ ОҚЫЙДЫ БИРАҚ ПАЛКЕРЛИК ҚЫЛАДЫ
CОРАЎ: Жаман әмел менен жақсы әмелди тең услап киятырғанларға динимиз не дейди? Мәселен бес ўақыт намаз оқыйды бирақ палкерлик қылады.
ЖУЎАП: Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм.
Намаз оқыў парыз әмел, оны оқыў бенделердиң миннети. Ал, палкерлик динимизде қараланған, аўыр гүналардан. Ҳәттеки ол өзи ҳәм өзгелердиң де ийманына кери тәсир етиўши ис есапланады. Егер инсан намаз оқып та жаман ислерден қайтпай атырған болса, бул жақсы аўҳал емес.
Демек, қабыл болған намаз өз ийесин гүналардан қайтарыўы анық болды. Солай екен, намазды оқып турып, гүна ис қылып атырған адам – намазларын кәмил орынланыўына итибар қылыўы керек. Ўаллоҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

Себеби, Аллаҳ таала: (Ҳәй Муҳаммад) Саған Китаптан (Қураннан) ўаҳий қылынған нәрсени тиләўат қыл ҳәм намазды кәмил қылып оқы, әлбетте, намаз бузық ҳәм жаман ислерден қайтарады. Әлбетте, Аллаҳтың зикири (бәрше нәрседен) уллы. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизди биледи.