ҚАРТАЙЫЎДА БАХЫТ
Әже, апа болдыңызлар қатар қурбылар,
Сизлерсиз мениңде кеўлим шалқымас,
Елиң абат болса өмириң қулпырар
Шад болсаң артады жасаўға ықлас.
Туўрылық нышаны - оқыдық намаз,
Әўелден кеўлиң пәк болса пәксең,
Кеўил хошлықтанда болмағыл араз
Нәпс- шайтан, алдар болмасан сақ сен.
Билсең: қартайыўда адам әрманы,
Бахыт: жетистик деп етсек жәрия,
Бизге алып берди "өмир тарланы"
Байрағымыз деген " Жаса қарыя"
Ғаррылық дәрт емес сақлан инсапты,
Билдирейик елге миннетдаршылық,
Рети келсе күш ғайратты жумсап қал,
Қартайсаң да ақыл - хуўшың баршылық.
Сенбир гүжим терек шақалы нәрўан,
Мазмунлы жасай бил, қалмасын әрман.
Картайсаң да жүректеги мәргияң,
Жаслар кеўлин тартпағы шәрт қариям.
✍ Гүлбахар Қарабаева.
16 - февраль.2025 ж. Шымбай
https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Әже, апа болдыңызлар қатар қурбылар,
Сизлерсиз мениңде кеўлим шалқымас,
Елиң абат болса өмириң қулпырар
Шад болсаң артады жасаўға ықлас.
Туўрылық нышаны - оқыдық намаз,
Әўелден кеўлиң пәк болса пәксең,
Кеўил хошлықтанда болмағыл араз
Нәпс- шайтан, алдар болмасан сақ сен.
Билсең: қартайыўда адам әрманы,
Бахыт: жетистик деп етсек жәрия,
Бизге алып берди "өмир тарланы"
Байрағымыз деген " Жаса қарыя"
Ғаррылық дәрт емес сақлан инсапты,
Билдирейик елге миннетдаршылық,
Рети келсе күш ғайратты жумсап қал,
Қартайсаң да ақыл - хуўшың баршылық.
Сенбир гүжим терек шақалы нәрўан,
Мазмунлы жасай бил, қалмасын әрман.
Картайсаң да жүректеги мәргияң,
Жаслар кеўлин тартпағы шәрт қариям.
✍ Гүлбахар Қарабаева.
16 - февраль.2025 ж. Шымбай
https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler