#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳүкимет Қарары (731-санлы, 01.11.2024 ж.) менен Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығына талабанларды таңлаў ҳəм олардың ҳүжжетлерин усыныў тəртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды
⚡️Оған көре, Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығы талабанларын таңлаў, олардың ҳүжжетлерин рəсмийлестириў ҳəм усыныў тəртиби ҳəм де жөнелислер бойынша талабанлардың жетискенликлери, илимий-дөретиўшилик ҳəм əмелий жумысларын баҳалаў критериялары белгиленди.
➡️Талабанлар 8 жөнелис - пəн, билимлендириў, əдебият, мəденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳəм жəмийетшилик искерлиги бойынша таңлаўлар арқалы сайлап алынады.
✅Сыйлық социаллық белсендилиги ҳəм қәбилети менен теңлеслерине үлги болып киятырған 14 жасқа толған ҳəм 30 жастан аспаған инталы ҳаял-қызларға оқыў ҳəм мийнет искерлигиндеги жетискенликлери ушын бериледи.
🔰Жөнелислер бойынша ҳəр бир орынға мүнəсип талабанларды таңлаў төмендеги басқышларда əмелге асырылады:
➖район (қала) басқышы – 2-сентябрьден 20-октябрьге шекем;
➖Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳəм Ташкент қала басқышы - 21-октябрьден 30-ноябрьге шекем;
➖республика басқышы – 1-декабрьден 31-декабрьге шекем өткериледи.
🥇Сыйлық ҳəр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳəм Ташкент қаласының екеўден ўәкиллерине - жəми 28 талабанға бериледи.
📃Жеңимпазларға сыйлықланғанлық ҳаққындағы диплом, көкирек нышаны ҳəм де БЕМның 50 есеси муғдарындағы пул сыйлығы ҳəр жылы 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни шеңберинде салтанатлы түрде тапсырылады.
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
❗️Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығы талабанларын таңлаў тəртиби белгиленди