-Сиз бенен оқымадым.
Хожели районы 15-санлы мектепте, Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери,еки мыңнан аслам қосықларына нама жазылған белгили Шайыр Бабур Бабамурадтың ушырасыўдағы балалық дәўирин еслеп айтқан мына сөзлери ,маған да ушырасыўға қатнасқан оқыўшыларға да қатты тәсир қалдырды
-Мен оқыўға келген күнлеримде мына баладай жуўас,бала едим, көзиме көз әйнек тағар едим, шоқ балалар маған түртинип,,-төрт көз,төрт көз -деп мазақ ететуғын еди Мен болсам қанша ызам келседе,оларға итибар бермей,сабағымнан жақсы оқыўға тырыстым,көп әдебий китаплар оқыдым,Енди болса-Жақында бир мектепке ушырасыўға барғанымда ,сол классласларымның бириниң баласы,
-бизиң мектепке зор шайыр Бабур Бабамурад келди,қараң деп мен менен түскен суўретин көрсетип мақтаныпты.
Әкеси болса-Ҳаў балам мен Бабур менен он жыл бирге оқыдым,десе баласы -Ўәй аға қойыңдә,ол қайда ,сиз қайда -депти.
Сонда классласым
-ҳәзир өзи менен сөйлесемен,дәлиллеп беремен депти де -маған қоңыраў етти.
-Сәлем достым Бабур мениң балам мен Бабур Бабамурад пенен бирге оқыдым, десем исенбей атыр,өзиңиз айтың дә -деди. Мен оған былай жуўап бердим...
-Мен сизди танымайман,сиз бенен оқымадым, -МЕН УҚТЫМ- дедим,деп сөзин жуўмақлар екен,
Балаларым оқысаңыз,уқсаңыз, сиз бенен ҳәмме мақтанады деп қосып қойдыда, суўық демин алды.
Билим илим,оқыўға деген ықылас адамды бәлент шоққыларға алып шығады,елиң әўладларың ҳәўес ететуғын инсан болып жетисесизлер- деп өз қосықларынан оқып берди.
Бул айтылған ўақыя мағанда,оқыўшыларғада қатты тәсир етти.
-Шөпти көрсең қалый көрме-деген бабалардан қалған нақыл есиме түсип,көзиме жас келди.
Гүлистан Реймова.
Республикалық "Аналар мектеби"ағзасы Хожели районы "Үгит нәсиятшылар"топары ағзасы.