Аллаяр Дарменов


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: ko‘rsatilmagan


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Қарақалпақ, қаңлы.
Байланыс: @AllayarDarmen
Топар: t.me/AllayarDarmenov
Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


БЕСІКТЕГІ БАЛАНЫҢ СӨЗІ
(Аллаяр Дәрменов)

Айтпа маған ғарышыңды жаулаған,
Мына бесік асқаралы тау маған.
Тас төбемде әлди айтқан телефон,
Эмбриондық кезімнен-ақ жау маған.

Қозып кетсе қәпелімде арқаңыз,
Құрып бітер Арал тұрмақ Арқа* мұз.
Көп боялған балалардың қанына,
Шырайлы географиялық картаңыз.

Түс мінберден! Тоқтат, самсам, уәжіңді,
Шерт «Балашейітте»* мұңлы сазыңды.
Сіздер ЮНИСЕФте бөсіп сөйлеңдер,
Жау Газада құрсын қанды бәзімді.

Күнің Жерді, Жер Күніңді айнала ма?
Қатқан теорияң құрысын қайталама!
Маған біреу жер бетінде, Ешқашан,
Ата-ана ажыраспайды деп айта ала ма?!

Ал сорығышты, сұраймын жалбарына,
Сорығышқа сүт бермеген Жаббар мына.
Бар тартылыс құшағында ананың,
Түсінбеймен Ньютонның заңдарына.

Бәлкім, дүние не тал бесік тарлау-ды,
Үйрендім өмірді жылап жырлауды.
Үйрендім адамға тілек тілеуді,
Үйретпеңдер! - маған енді қарғауды.


*  Арқа—арқада жайласқан Солтүстік мұзды мұхит.
* Балашейіт - қорымның аты.

Қазақ тилине аўдарған Гарифулла Мамбеткаримов

Канал: @Allayar_Darmenov


БЕСИКТЕГИ БАЛАНЫҢ СӨЗИ

Айтпа маған космосыңды жаўлаған,
Мына бесигим ең бийик таў маған,
Тас төбемде ҳәййиў айтқан телефон,
Эмбрионлық дәўиримнен жаў маған.

Қозып кетсе қәпелимде арқаңыз,
Қурып питер Арал түўе Арқа муз,
Көп боялған балалардың қанына,
Шырайлы география картаңыз.

Түс минберден, тоқтат самсам ўазыңды,
Шерт «Балашейит»те муңлы сазыңды,
Сизлер ЮНИСЕФте йошып сөйлеңлер*,
Жаў Газада қурсын қанлы бәзимди.

Қуяш Жерди, Жер оны айлана ма?
Қатқан теорияңды қайталама!
Маған биреў жер бетинде ҳешқашан,
Ата-ана ажыраспайды деп айта ала ма?!

Ал сорғышты, сорайман жалбарына,
Сорғышқа сүт бермеген Жаббар мына,
Бар тартылыс қушағында ананың,
Түсинбеймен Нютонның заңларына.

Бәлким дүнья, я тал бесик тарлаўды,
Үйрендим өмирди жылап жырлаўды,
Үйрендим адамға тилек тилеўди,
Үйретпеңлер маған енди ғарғаўды.


* UNİCEF — Жер жүзлик балаларды қорғаў шөлкеми.

Аллаяр Дарменов,
29, 30-январь, 2025-жыл.
Нөкис.


Канал: @Allayar_Darmenov

550 0 12 16 39

Аллаяр Дарменов dan repost
Суп-сулыў

Жүзиңниң нур шашыўлары,
Еңбеклеп тез-тез қашыўларың,
Турып тай-тай басыўларың,
Суп-сулыў, суп-сулыў, суп-сулыў.

Үйимниң ханы, хожасы,
Өмирдиң дәми, мазасы,
Шайырдың мәңги музасы,
Күлгенлериң суп-сулыў.

Папа деген тилиңнен,
Апа деген тилиңнен,
Уйқы бермей түниң менен,
Жылағаның суп-сулыў.

Қушағыма басайын,
«Ишш» бар ма, кел, тосайын,
Адым ба адым күн сайын,
Жүргенлериң суп-сулыў.

Сәл муңайсам жубанышым,
Бесиктеги қуўанышым,
Шежире шынжыр даўамшым,
Еркеленгениң суп-сулыў.

Алладан алған инамым,
Пүтин болғай ийманың,
Аўыш бер қәне, ийй жаным,
Суп-сулыў, суп-сулыў, суп-сулыў.

Аллаяр Дарменов,
09.09.2021.

Канал: @Allayar_Darmenov

772 0 11 14 52

Бул — мен

Ишкирнелик ғәрез-тилегиң,
(Бәлким таза емес пәлегиң),
Жарылып кетсе де жүрегиң,
Бул — Мен!

Бул дүнья әзелий бири кем,
Сөзлер көп қабақтай шириген,
Жараландым, бирақ тиримен,
Бул — Мен!

Өсек деген ашыл дәстүрхан,
Гилкий көпеклерди мәс қылған,
Көкте қудайы бар қасқырман,
Бул — Мен!

Нангөректей туқымың молдан,
Шыға бердиң кес-кеслеп жолдан,
Ийтке ийт өлими — мәрди майдан,
Бул — Мен!

Үре бер сен, үрип заўық ал,
Азғырсаң кетектен таўық ал,
Тезирек өзиңди таўып ал,
Бул — Мен!

Аллаяр Дарменов,
14.01.2025.


@Allayar_Darmenov


Бәри жақсы болады

Қайғы муң да келтиреди көп келеге,
Саў адам өмирин муңсыз өткере ме?!
Қайғының да қайыры бар, өкпелеме,
Бәри жақсы болады!

Журт өзи сондай, күнлей берсин жабылып,
Тайсалма сирә сабыр көрпе жамылып,
Жатырған шығар бахыт сени аңылып,
Бәри жақсы болады!

Жылайман болма, сүртейин кел жасыңды,
Үркитип алма қонажақ бахыт қусыңды,
Тәрк етсин тәшўиш, қой желкеме басыңды,
Бәри жақсы болады!

Баслы сыйлық маған мыйық тартқаның,
Мыйығың еслетеди таңның атқанын,
Муң мәзи, ал бахыт мәңгилик, күт жаным,
Бәри жақсы болады!

Исен маған!

Аллаяр Дарменов,
30.09.2020
, 11.01.2025.

Канал: @Allayar_Darmenov


Барлықбай аға шежире киси еди. Соңғы мәрте Нөкистеги "Гиннестиң рекорлары"на кирген Қара үйде көрисип, «Әмиўдәрья»ның жаңа санын берип едим. Адам адамға аманат екенин аңлай бермес екенбиз.

Жайыңыз жәннеттен болғай, аға.


МЕРЎЕРТ dan repost
Кеўил билдириў

Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти.

Усы мүнәсибет пенен художниктиң шаңарағына, жақынларына кеўил айтамыз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


***
Гей биреўди ҳайўаннан,
Айыралмай ҳайранман,
Заман — теңиз шайпалған,
Илик турсын үйлериң.

Айтып тилде қудайды,
Сөйтип сени баплайды,
Сақланғанды сақлайды,
Илик турсын үйлериң.

Билмей, қараптан-қарап,
Шайпалмасын шаңарақ,
Жоқ ҳәзир қудайы қонақ,
Илик турсын үйлериң.

Келсе де бүгин қай қонақ,
Айтып келер ол бурын-ақ,
Күндиз мейли, кешқурын-ақ,
Илик турсын үйлериң.

Аман болғай отбасың,
Муңға басың шатпасын,
Қапыны илмей жатпасын,
Илик турсын үйлериң.

А. Дарменов,
04.01.2025.

@Allayar_Darmenov

5k 0 131 16 98

ОҚЫЎЛАРЫҢ ЖАҚСЫ МА?

Күлимлеген күн уялап көзиңе,
Нәзер тигип сөзсиз сәўбет қурамыз.
Келди тек те мына сөзлер дизиле:
«Оқыўларың жақсы ма?» деп қара қыз.

Қырмызы ериниң еркелик етип,
«Жақсы...» деди самал үзген алмадай.
Мен турыппан тағы сөйлеўиң күтип,
Сөйлемесин мейли, кетип қалмағай.

Солқымы сырқылған қара жүзимдей,
Майысар жүрегим, ишлей туўладым.
Рухсат етсең, бурын бойдақ гезимдей,
Сорап тураман қалай деп оқыўларың.

Билемен, сабақтан ағласаң. Гейде,
Ол мениң сөз баслар сылтаўым бөлек.
Түсин, оқыўыңнан атласам үйде
Жеңгеңнен рухсат сораўым керек...

Аллаяр Дарменов,
02.01.2025.

@Allayar_Darmenov


#2024_жыл_жуўмағы

Быйыл каналым бираз пассив болды. 91 пост салыппан. Оның да бәри дөретиўшилик жумыслар емес. Жаңадан 566 оқыўшымды таўыппан. Дерлик 121 000 мәрте көрилипти быйылғы салған постларым. Оқыўшыларым (өзимниң де) кеўлинен шыққан ең жақсы қосық «Умыттым» екен.

Тән аламан, соңғы жыллары дөретиўшиликтен узақласып, ҳәтте суўысып та баратырман. Буның ушын Сизлерден кеширим сорайман. Қудай қәлесе, жаңа жылда кеўлиңизден шыққандай СӨЗ табыўға жан-тәним менен тырысаман.

Байрам қутлы болсын, Сөзсүйер халқым. Жаңа жылда жаңа шадлықлар, табыслар менен жүзлескейсиз.

Ҳүрмет пенен,
заманласыңыз Аллаяр Дарменов.


ТОЙ ҚУТЛЫ БОЛСЫН, ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЫМ!

(Қарақалпақстан телевидениесиниң алпыс жыллығына тойхат)


Алпыс жыл кеўлин алып халықтың,
Үй ишинде болдың ақшам жарық түн,
Көрсетиўди жарты белден шорт кескен,
Атасы «Время»да жаңалықтың.

Теле миниатюра күлки қапшық,
Үй толы қоңсылар, ўа-ҳа-ҳа, жық-жық,
Сонда да бет жыйырыўды билмеген,
Кеңпейил адамлар ҳәзир дым таңсық.

«Алыстағы ағайин»нен ҳал сорап,
Саз-сәўбет редакция руўхый нәр булақ,
Қызық еди ҳәмме пилдей үңилип,
«Мәўрит»ти күткен ўақытлар маўжырап.

Тиккелей эфирлер қырман басында,
Аўыр камераны тийеп машынға,
Қараңғы түнек излеп, лента көрген,
Дәўирлер қайтпайды енди расында.

«Әдиллик айнасы»н тутып халыққа,
Ҳақыйқатты шығардың сен жарыққа,
«Келинлер мектеби»н таярлап кеткен,
«Аталар сөзи»ң толы даналыққа.

Таңда «Ассалам» деп ерте турғызып,
Бир майданда пүткил елди көргизип,
Кеш кирсе Дәлибай, Базаргүл шығар,
«Әрман қумыры»сын инге киргизип.

«Билим ринг»те билимпазлар сынасып,
«Дийдар несип» турамыз дийдарласып,
Жамғыр жаўсын, жаўмасын ҳәр шембиде
«Айқулақ» шығады қушағын ашып.

Телевизор көриў де жумыс еди,
Ким не көрди, класста бөлиседи,
Рекламасын ядлап жүрдик сөзбе-сөз,
Интернетсиз бир бийғам турмыс еди.

«Ҳәзилкеш» қатырды журттың ишегин,
«Күн темасы»н тыңлап өстик неше күн,
Даўысына сыйқырланып көрер едик,
Мурат Бегимовтың «Түлкишегин».

Трендке өзгерип ҳәзир модалар,
Түрли хабар телефоннан таралар,
Алпыс жыллық бәне отырысайық,
Телевизор көрип өскен балалар.

Қалың болғай, телевидение, наның,
Дәўлети қайтпағай радио, баспаның,
Елди қуўанта бер, Қуўандық аға,
Той қутлы болсын, «Қарақалпақстан»ым.

Аллаяр Дарменов,
2024-жыл, сентябрь, декабрь.


Түсиндирме: Қуўандық Бекбаўлиев –
Қарақалпақстан
телерадиокомпаниясы директоры


Канал: @Allayar_Darmenov

1.8k 0 15 11 40

САБАҚТАН СОҢ

Мәтназар ӘБДУЛҲӘКИМ

Тартып алып қойды шырпысын да,
Ҳәм бақырды биреўге “шекпе, – деп, сен”.
Шынығыў дәптерин жыйнастырды да,
Бир-бир санап көрди. Жети дәптер кем.
Күнде усы аўҳал. Уялмайсыз ба?
Келесиз тек қыдырып, басыңыз бос.
Бул ретте де еки қоймай тураман,
Бирақ қалғанлар ертең тапсырсын. Хош.
Қыс күни-қысқа күн. Қас қарайған гез,
Ойланды. Өтиўим керек бул қырдан.
Ери де келмеди алып кетиўге,
“Кеўли суўыды ма?…” шоршынды бирден.
Кәсиплес досты қоймады сонда,
“Қонып қалың, — деди, – кеш болып қалды”.
Көнбеди. Қолтықлап сол дәптерлерин,
Үйге жалғыз өзи жаяў жол алды.
Аўыл питип, енди қырға шыққанда,
Түн де қараңғы, әтирап тас-түнек.
Изге қайтажақ болды бир ойы,
“Балам аўырып қалмадымекен тек”.
Жүрегин бес-бетер қорқыныш басты,
Шоршытар жеккелик және туңғыйық.
Ой, дөң, парықсыз аяғының асты,
Кете берди ол жетсем болар дейип.
Усқынсыз бәлени серледи сонда
Қараса қасқыр. Аңлып жүр ол изден.
Еследи жыртқыштың қорқыўын оттан,
Бир дәптерин жағып таслады тезден.
Қасқыр тоқтап қалды. Соң тағы-тағы,
Муғаллимге үмит берген от пақыр.
Жыртқышқа береди илажсыз сабыр,
Жолаўшы өртейди, тоқтайды қасқыр.
Тын алысып олар ҳәр дәптерде бир,
Жол узақ, түн қара, қасқыр болса аш.
Садықлық не ол, қасқырға бәрибир.
Үйине жақын қалғанда таўсылды,
Муғаллимде дәптер, қасқырда сабыр...
Қатты аза тутты аўыл ел таңда,
Ана жер өкирди, заман жылады.
Дәптер тапсырмаған жети оқыўшы,
Ҳәмме-ҳәммеден де жаман жылады...
Ҳәлсиз қосық ушын кешир сен, халқым,
Алым емеспен, я дана, сөз пири.
Өз ўақтында дәптер тапсыра алмай,
Қалған балалардың мен де сол бири.
Билемен, ашықлар тумар қылмайды,
Қосығым да нәзик өзиме уқсап.
Гейде өзимниң де кеўлим толмайды,
Олар қосық емес, шынығыў есап.
Бирақ баратырсаң келешек тәреп,
Қорқпай тәғдирдың жазық қырларынан,
Өзимше қорғағым келеди сени,
Жаўызлық, қыянет қасқырларынан.
Мен шынығыў жазаман тынбай ҳәр күн,
Сорағлар мениң де есапларымды.
… Сен жол бойы жағып таслап кете бер,
Қасқырлар қорқатуғын китапларымды.

Аллаяр Дарменов аўдарды.

Қосықтың өзбек тилиндеги түп нусқасын мына жерден оқыңыз:
👉Мәтназар Әбдулҳәким.

@Allayar_Darmenov


Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚡️SABAQTAN SOŃ

Hár bir bilimli jas — Watanımızdıń erteńgi kúni, keleshegi, tiregi, sheshiwshi kúshi!

Qosıq qatarları Ózbekstanǵa miyneti sińgen mádeniyat xızmetkeri Mátnazar Abdulhákim qálemine tiyisli bolıp, qaraqalpaq tiline Allayar Dármenov tárepinen awdarılǵan.

Bul qosıq qatarları ushın 2003-jılı Qaraqalpaqstan Respublikasınıń Ellikqala rayonında «Ustazǵa húrmet» esteligi ornatılǵan.

Videonı tanıslarıńızǵa jiberip qoyıń! 🤗🤗🤗

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook


Жас жазыўшыға мәсләҳәт

Қәўипли
Даралар менен дана болмақ,
Даналар менен дараласыў да,
Болмайды гөне тарийхты геўлеўге,
ҳәм сиясатқа араласыўға.

Қәўипли
Көп оқыўға батысты,
Гёте, Пушкин, Шекспирден аўлақ тут жолыңды,
Шығысып кетесең шығыстан
айрыласаң өзлигиңнен,
Миллийлигиңди минлет ете бер!

Қәўипке қойма
Қара басыңды
Айдосты ақ де, қара де,
Қунын сорап Бегис пенен Мыржықтың,
билгениңше роман жаза бер.
Дәлиллеме тек.

Алға кетпе,
Көз тийеди,
көз тиймесе сөз тийеди,
Изде де қалма,
ортада жүр де басыңды буқ,
Буқ,
Буқ,
Әдебият буққышларды сүйеди!

Қәлемиңниң мың жазғанын,
Миллион рет өширесең,
әртис атақ алса,
вайнерге медаль берсе,
масқарапазлар үлги тутылса елде,
Кишипейиллик керек бизге деп,
Бәрин кеширесең.

Журт оқымаса сени,
Қабақ үйиўге болмайды,
Өзиңди терге,
сотла ҳүжданды,
Тас атпа оқырман елге.
Және
сүйсең де адамды,
Туўған Ўатанды,
Қатты сүйиўге болмайды.

Ақылды ал, алма, өзиң бил.

04.07.2023.

@Allayar_Darmenov


ҚАРАБАЙЛЫ

(Қарабайлының шежирегөй ғаррысы, бүгинлиги марҳум Қутыбай ағаның айтып берген аңызы бойынша жазылған жыр)

Бир елат бар Шоманайға кирерде,
(Қонақ болып көп түнедим ол жерде).
Ҳасыл аты көп болмаған бул елдиң,
Оған Қарабайлы деп ат берерде.

Бурын аўыр қазыў болған деседи,
Журт дәскесин алып жолға түседи,
Сонда атланады бир жас жигит те,
Өзи үйленгени тап кеше еди.

Хош айтысып кеше қосылғанына,
Түседи суўсыз жаптың ултанына,
Атқанда ҳәр топырақ төбеге қарай,
Бир текше жақынлатқандай жанына.

Күнлер аяз еди бәҳәрге салым,
Жигит еңбек етти аямай жанын,
Өзи де билмей қалды сөйтип жүрип,
Қазыў пайты ол жаны қыйылғанын.

Жигитти жерледи халық жәмлесип,
Үйилди далада қумнан төбешик,
Зар еңиреп сонда жас келиншеги,
Сырыққа байлапты шаршысын шешип.

Қәбир басындағы сырық таяққа,
Журтлар тоқтап өткен барса қаяққа,
«Қара шаршы байлаўлы», «қара байлаўлы»-
Деп айланыпты бул бир ҳикаятқа…

Адамлары ақ көкирек бул жердиң,
Ҳә дегеннен баўыр басып үлгердим,
Қара, еле, Қарабайлы, күн келип,
Айланасаң дәстанына тиллердиң.

Бараман саған еле көп айланып,
Болдың ақыр жүрегимнен жай алып,
Айтып әрманлы ашықлар қыссасын,
Турғандай төбеде қара байланып…

А. Дарменов,
26-декабрь, 2019-жыл.

Канал: @Allayar_Darmenov


АТАМ УБАЙДУЛЛА БАҲАЎАТДИН УЛЫ — ХАНМАҚСЫМНЫҢ РУЎХЫЙ НӘСИЯТЛАРЫ

О, Қаңлының хан туқымы,
Қаныңда ағар қанларым,
Жүриўши болма жупыны,
Жалынсаң, Қудайға жалбарын.
Алды менен адам бол,
Адамшылық ҳадал бол,
Кеўил толы кир менен,
Буйырмайды төрлеген.
Елиңди сүй ярдан артық,
Байлығың жоқ ардан артық,
Хошаметтен ҳаўаланба,
Атақ бер деп шабаланба,
Шаңында қалма шабанның,
Ур қамшысын бабаңның,
Серлемесең оқпан көп,
Жүйриклерге қақпан көп,
Ядыңда тут мудамы,
Жигиттиң жаны – Ўатаны!
Айғырлыққа талас та,
Шайырлыққа таласпа.
Талай сүргин, даўылдан,
Мийрас Абыл, Қабылдан,
Болса да талай шоққысы,
Болатуғын бир Шоңқысы,
Қаҳарманы көп елденсең
Сатарманы көп елденсең.
Соның бәрин бил, балам,
Ата ақылы көл, балам.
Хан теклисең умытпа,
Ханлардай дәўран сүр, балам.

А. Дарменов,
08.02.2023.


Сүўретте художник Барлықбай Айтмуратов тәрепинен исленген «Ханмақсым» картинасы

@Allayar_Darmenov

1.8k 0 19 11 39

ЖЫР ДӘРЬЯ

Жыр булақ, жыр булақжан-аў, жыр булақ,
Мениң жыршыл жүрегиме түр қулақ,
Асығаман суўсыныңа қаныўға,
Сарқырамадай шыңдағы қулдырап.

Жыр көли, айланаман о жыр көлин,
Айдынында сезим жатыр, жүр көриң,
Мен балықшы, салдым илҳам қармағын,
Бос қайтыўы балықшыға – бул өлим!

Жыр дәрья, туўлаған толқын жыр дәрья,
Жағыслары әрман толы нур дәрья,
Түсип кеттим ийримине музаның,
Жәрдемге шығарып алар ким бар я.

Даўыл тербеп шайпатылар жыр теңиз,
Теңиз бенен некелестик бирге биз.
Асаў толқын ақ бесикти шайқайды,
Пал уйқыда жатыр Лира бөпемиз.

Жыр океан, туңғыйық жыр океан,
Тереңиңе шуңғыйық, жүр, океан,
Акулалар ирикпең мени, өтиниш,
Йош маржанға толып шықсын тақыям.

Қосығым қәдирлим, сулыўым өзиң,
Жазда сая, кыста жылыўым өзиң,
Әсирлерден соң да даўам етерсең,
Жүрегимниң соғып турыўын өзиң.

Аллаяр Дарменов,
Наманган — Нөкис – Халқабад,
ноябрь, декабрь, 2024.


@Allayar_Darmenov


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Архив

Жыртық кемеде

(Талантлы жас режиссёр Султанбек Қәллибековтың оқыўында)

Менде не айып
Сенде не айып
Жыртық болса кемемиз?!
Екеўимизге де теңдей
Қам сүт берген енемиз.
Жемтик етпегей бизди жайын,
Сырқа берме көздиң майын,
Ескек ес, мен жыртықты жамап,
Жылан болып буратылайын.
Қыйналма суўды төгиўге,
Ҳақымыз жоқ шөгиўге,
Өшсе де қаралай өкпемиз,
Гөр болмайды бизге көк теңиз!
Бир мийирман Алла, еки мәрт еркек,
Жылаў қатын иси, желқомды тарт тек,
Қайда жазылған кемеси жыртықлар,
Теңизге мантығып өлиўи шәрт деп!?...

А.Дарменов
29-30-март, 2021-жыл.

Канал:
@Allayar_Darmenov


КЕЛЕШЕККЕ АТЛАНЫС

Атланыс жасадым саған келешек,
Өртедим өтмиштиң өксик дәптерин.
Кеш аңладым, ўақыт емес әўесек,
Бастан оқыйжақпан өмир мектебин.

Шаң басқан китаптай кеўлим қулазып,
Бойымда гүйзелис, гүзги арасат.
Тойдым түңилиўден, жигер – жол азық,
Кешигемен атланбасам мына сәт.

Жулдыз тур төбемде, сабайжақ бирден,
Батсам уйығына уйқы көлиниң.
Тирилик — ҳаслы адамға бас орден,
Ериншеклик егиз сөзи өлиниң.

Қумсаў мениң тойдырмады қарнымды,
Қатты аўыр өз-өзиме атланыс.
Тас байлап батырдым суўға бар муңды,
Ҳә келешек, мениң менен кел, таныс.


Атым Алла Яр.


Сүўретте: заманымыздың теберик тулғалары.

@Allayar_Darmenov


АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ
(дүрким)
1

ҚАРАҚАЛПАҚША

Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Әттең, сол азамат инсанның кимлигин сирә биле алмадым.

Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.

«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.

Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.

Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Тилиң өли» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.

Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...

2
ТИЛ КАРДИОГРАММАСЫ


2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо...»

Миллет руўхы қанымызға тарап тур,
«Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур,
Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр,
Тил де солай өмир сүриўи керек.

Усы тил көз ашып көргениң сениң,
Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң,
Тилиң өли десе – өлгениң сениң,
Буны жети әўладың билиўи керек.

Тиришилик – ийретилген сызықлар,
Инфаркт етер тилди тили бузықлар,
Айланып табар деп күтер қазықлар,
Бассыз кеткен атлар келиўи керек.

Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат,
Тири болсаң тири тилде даңқ тарат,
Импульс бар ма – жатпа бийкар жалт қарап,
Тилиң дүньялық тилге кириўи керек.

Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде,
Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде,
Қулпытасыңда күн келип өлсең де,
Қарақалпақша сөз турыўы керек!

2019-2020-жыллар

3
МЕНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИМ

(Бақша жасындағылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын)

Түркий бабам тилисең,
Батырлардың пирисең,
Өлмейсең, мәңги тирисең,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Шежиресисең Бердақтың,
Сүйенишисең урпақтың,
Тәғдирисең Қарақалпақтың,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Кенимехте, Тамдыда,
Зибанласлар қалды да,
Кирмейсең сен аз санлыға,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Туўысқан қазақ, ноғайым,
Бар қыпшақ қалың ағайин,
Дүньяға дабыл кағайын,
«Мениң Қарақалпақ тилим!».

Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң,
Соппаслы Сыпыра бабамсаң,
Авесто, Орхон, Қурансаң,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Сен барсаң, бардур миллетим,
Сени асыраў миннетим,
Қалма латындай жур жетим,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Тентеклер бермейди төрин,
Сонда да төр беттен көрин,
Ийеле дүнья минберин,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Сен – ақ бесик таянған Анам,
Кешип кетсе өзиңнен балаң,
Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам!
Мениң Қарақалпақ тилим.

01.11.2020

4
«ПОЗДРАВЛЯЮ»

Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың,
– Орын алғанлар, кел берман, жақынла.
Келиўден расход усы декабрь дым,
Төлеў керек подарканың пулын да.

Әўеле белсене қатнасқанлар кел,
– Төреева Айгүл, молодцы, қызым.
Фотоға ал, сен грамотасын бер,
Давай, тезлетейик, оқы тез изин.

– Биринши декабрь тил байрамында
Үшинши орынды алғаны ушын
Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда,
Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың.

Дипломы берилди ҳәрбир баланың,
Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў.
Тил байрамы өтти, дослар, куўаның,
– Орын алған балалар, поздравляю.

Аллаяр Дарменов,
Ноябрь, 2024.


канал: @Allayar_Darmenov

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.