Билим журтында руўхыйлық сааты өткерилди.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында ZOOM платформасы арқалы «Миллетлер ара татыўлық» атамасында руўхыйлық саат өткерилди.
Бул руўхыйлық саатын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов басқарып барды.
Илажға Өзбекстан Республикасы СТИБОМ хызметкери Б.Хўжанов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, билим журты директоры Ж.Абдиразаков, имам-хатиблер, билим журты оқытыўшылары ҳәм бир қатар тараў қәнигелери қатнасты.
Бунда баянатшыларымыз Мәмлекетимиз аймағында әзелден көплеген миллет ҳәм халық ўәкиллери аўызбиршиликте жасап келмекте. Олар арасында әсирлер даўамында миллий келиспеўшиликлер болмаған. Халқымыз әзелден кеңпейиллик, миймандослық, кеширимлилик, басқалардың үрп-әдет ҳәм қәдириятларын ҳүрмет етиў сыяқлы улыўмаинсаныйлық пазыйлетлерди көрсетип келген. Миллетлераралық татыўлық улыўма инсаныйлық қәдирият болып, түрли халықлар биргеликте жасайтуғын аймақ ҳәм мәмлекетлердиң миллий раўажланыўын белгилейди, тынышлық ҳәм турақлылықтың кепили болып хызмет етеди.
Илаждан соң тараў қәнигелери
билим журтының арнаўлы әмелият ханасы яғный жат-идеяларға қарсы ханасы менен танысып шықты ҳәм сол жерде қәнигелик пәни оқытыўшылары менен сәўбет өткерди.
Билим журты баспасөз хызмети
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🧿alberuniy.uz 🟥youtube
🌐instagram 🌐facebook
Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz