8-Март Ҳаял-қызлар байрамы күнине арналған кеше болып өтти.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында
8-Март Халық аралық Ҳаял-қызлар байрамы күнине арналған кеше болып өтти.
Кешени билим журты директоры Ж.Абдиразаков алып барды ҳәм қутлықлады.
Сиз, әзизлерди гөззал бәҳәр байрамы 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз. Сизлерге жоқары ҳүрмет ҳәм иззетимизди билдиремиз. Турмысымыздың көрки ҳәм берекетин, жәмийет ҳәм шаңарақтың тиреги болған ҳаял-қызларымызды ҳүрмет етиў дана халқымыз ушын әзелден жоқары қәдирият болып келген. Себеби сизлер менен турмысымыз мазмунлы, шаңарақларымыз болса нурлы. Сизлер ҳәр бир тараўда соныӊ менен ислам билим журтында гөззал үлги көрсетип келесиз.
Билим журтыныӊ жумысында да әзиз апа-қарындасларымыз айрықша орынға ийе. Олар өзиниң ақыл-ойы, таўсылмас меҳири ҳәм пидайылығы менен бәрқулла ҳәммеге өрнек болып келмекте. Олардың билим ҳәм тәжирийбесине, интакерлигине биз ҳәр бир жумысымызда сүйенемиз.
Апа-қарындасларымыздың барлық ӯақытта мийнет жолы да нәтийжели ҳәм берекетли болсын.
Кеше соӊында администрация тәрепинен таярланған саӯғалары тапсырылды.
Буннан соң билим журты директоры байрам мүнәсибети менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият ғайраткери жасы үлкен апамыз Тамара Даўлетмуратованың шаңарағына барып, хабар алынды ҳәм байрам саўғасын инәм етти.
Билим журты баспасөз хызмети
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🧿alberuniy.uz 🟥youtube
🌐instagram 🌐facebook
Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz