❓Мийнет шәртнамасында хызметкерди аттестациядан өткериў бойынша шәртлер киргизилмеген. Хызметкер аттестациядан өтиўге мәжбүр ме...
❗️Егер мийнет шәртнамасында аттестациядан өтиў ямаса басқа да өзине тән талаплар анық көрсетилмеген болса, жумыс бериўши оларды хызметкерден талап етиў ҳуқықына ийе емес!!! (Нызамшылықта белгиленген жағдайлар буған кирмейди).
Мийнет шәртнамасында аттестация ҳаққындағы қағыйдалар:
Егер мийнет шәртнамасында аттестациядан өтиў хызметкердиң миннетлемеси сыпатында белгиленбеген болса, жумыс бериўшиниң хызметкерге аттестация талабын қойыў ҳуқықы шекленген. Бундай жағдайда хызметкер аттестациядан өтиўден бас тартыўға ҳақылы.
☝️Бирақ, мийнет шәртнамасында басқа қағыйдалар белгиленген болыўы мүмкин. Мысалы: ишки мийнет тәртип қағыйдаларына, жәмәәт шәртнамасына, тармақ келисимине, жумыс бериўшиниң буйрықларына әмел етиў. Бундай жағдайда санап өтилген ҳүжжетлерде хызметкерге аттестациядан өтиў талабы анық белгиленген ямаса белгиленбегенлигине анықлық киргизиў керек болады.
1️⃣ Мийнет шәртнамасында белгилеў шәрт:
Егер жумыс бериўши аттестациядан өтиў хызметкердиң миннетлемеси сыпатында белгилениўин қәлесе, бул жағдай мийнет шәртнамасында анық жазылыўы керек.
2️⃣ Мийнет нызамшылығындағы тийкарғы принциплер:
Мийнет кодексине муўапық, ҳәр қандай жумыс бериўши ҳәм хызметкер өз-ара келисимге (мийнет шәртнамасына), шәртнамада көрсетилген миннетлемелер ҳәм шәртлерге әмел етиўи керек. Егер шәртнамада қандай да бир ўазыйпа ямаса жумыс белгиленбеген болса, жумыс бериўши буны өз пайдасына талқылай алмайды.
3️⃣ Аттестация бойынша жумыс бериўшиниң ҳуқықлары:
Егер аттестация өткериў ямаса хызметкердиң қәнигелигин асырыўға байланыслы жумысларды талап етиў ушын жумыс бериўшиге нызамлы тийкар берилмеген болса, аттестациядан өтиў хызметкердиң еркин қарарына тийкарланыўы керек. Аттестация ямаса тәжирийбе асырыў процесине байланыслы талаплар тек ғана шәртнамада ямаса жумысты тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлеринде көрсетилиўи мүмкин.
4️⃣ Бул талапларды мийнет шәртнамасында белгилеўдиң әҳмийети:
Егер аттестациядан өтиў мийнет шәртнамасында көрсетилген болса, жумыс бериўши хызметкерден буны талап етиўге ҳақылы. Бирақ, егер шәртнамада бул ҳаққында анық жазылмаған болса, жумыс бериўши хызметкерден аттестация талап етиў ушын нызамлы тийкарға ийе емес.