❗️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң жәрийма балларын есапқа алыў нәзерде тутылған нормалары:
1. 125-статьясы үшинши бөлими - айдаўшылардың тормоз системасында, руль басқарыўында ямаса тутастырыў қурылмасында насазлығы болған ямаса тийисли рухсатнамасыз қайта үскенеленген транспорт қуралларын басқарыўы;
2. 125-статьясы бесинши бөлими - Пайдаланыў белгиленген тәртипте қадаған етилген транспорт қуралларын, сондай-ақ мәмлекетлик номер белгиси өзбасымшалық пенен шешип алынған транспорт қуралларын басқарыў;
3. 126-статьясы - Айна тәризли ҳәм (ямаса) реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы, сондай-ақ, әтирапты көриўди шеклейтуғын қапламалы транспорт қуралларынан пайдаланыў;
4. 127-статьясы биринши бөлими - Сес сигналын себепсиз бериў, транспорт қуралларына оны ислеп шығарған кәрхана нәзерде тутпаған сес шығарыўшы ҳәм жақтыландырыўшы қурылмаларды орнатыў, сондай-ақ оларды өзгертип орнатыў;
5. 128-статьясы - Айдаўшылардың транспорт қуралларын пиядалар жолларынан жүргизиўи, жол белгилери ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа қағыйдалары талапларына әмел етпеўи;
6. 128-3-статьясы - Транспорт қураллары айдаўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин асырып жибериўи;
7. 128-4-статьясы екинши бөлими - Транспорт қураллары айдаўшыларының светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши ишарасына бойсынбай өтиўи;
8. 128-5-статьясы - Транспорт қураллары айдаўшыларының кесент бериўи ямаса авариялық жағдайды жүзеге келтириўи, жолдың қарама-қарсы ҳәрекетлениў ушын мөлшерленген тәрепине ямаса бөлегине шығыўы;
9. 28-6-статья - Транспорт қураллары айдаўшыларының тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыўы;
10. 28-8-статья - Транспорт қуралында адам тасыў қағыйдаларын бузыў;
11. 28-9-статья - Транспорт қуралларында қуўып өтиў қағыйдаларын бузыў;
12. 129-статьясы - Транспорт қураллары айдаўшыларының жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы топар болып ҳәрекет етиўде қатнасыўы;
13. 130-статьясы - Транспорт қураллары айдаўшыларының темир жолдың өтиў орынларынан өтиў қағыйдаларын бузыўы;
14. 137-статьясы биринши бөлими - Жол-транспорт ҳәдийсеси қатнасыўшыларының белгиленген қағыйдаларды бузған ҳалда ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалыўы.
📨
Адвокатқа сораў бериў❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati