Шоманай атаўы
Шымбайда Шоманай деген сулыўлықта аты шыққан қыз болған. Қыздың даңқы жер-жәҳәнге жайылып, оған Қоңыратлы бир байдың баласы ғайбана ашық болады. Қызды алыстан ат жоллап қыдырып келеди. Адам қәлемей отырған қыз жигиттиң жамалып көрип жүреги ерип қоя береди. Шоманай сөйтип Әмиўдәрьяның шеп тәрепине ийилин келиншек болып түседи.
Қыз келиншек болып түскен жердиң адамлары кутә аш турады екен. Аш турыўының мәниси, суў кемтар, егин еге алмай теңселискен дийханлар зар-зар жылап жүр екен. Буны көрип күйеўинен Қара терең көлинен сағасын алып арна қаздырыўды өтиниш етеди. Бай баласы ҳаялының өтинишин «жаным» деп орынлайды Сойтип неше-неше суўсыз жүрген дийханларды жыйнап арна қазылады. Бул арнаның қазылыўына бирнеше мың қазыўшылар қатнасады. Ақыры арна қазылып, атын Шоманай қояды. Шоманайдың еки бойын жағалаған халық көшип келе баслайды. Шоманай арнаның сағасы Қарабайлы, ортасы Шоманай, аяғы Қыятжарған деп аталып кеткен екен.
Дерек: Қарақалпақ, Аңызлары, Әпсаналары ҳәм Шешенлик Сөзлери, "Қарақалпақстан" баспасы, 1992-жыл.
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer