Хорезмдеги арабшахий төрелер ишинде ең әжептәўири болған Дин Мухаммедхан ҳәм оның тусында өткен ўақыялар.
(Биринши бөлим)
Елбарысхан менен
Билбарыс Султан 16-әсир басында Хорезмге келген соң олардың шақырыўы менен Дешти Қыпшақтағы басқа
арабшахий төрелер де
Хорезмге келди. Булардың ишинде
Аминекхан әўладлары да бар еди. Аминекхан урпақлары ишинде
Аўанишхан Хорезмниң 8-ханы болып тахтқа отырды, оның бәйбишеси
Маңғыт Журтынан болған бийим еди,
Хорезмде Маңғыт Журты айымларын "
бийим" деген, ол бийимниң аты нәмәлим бирақ
Едиге урпағы болған
маңғыт мырзаның қызы еди. Маңғыт Журтында урыс болғанда бийим Хорезмге келип қалған, ҳәм Аўанишханның некесине түскен, будан
Дин Мухаммедхан дүнияға келген.
Дин Мухаммедхан әкесиниң елинде 19 жасқа дейин болған, бирақ әкеси оған ҳеш нәрсе бермеген соң қасына жигит жийнап
Хорасанға барып сондағы қызылбас елине шабыўыл етип мал таўып келип жүрген. Дин Мухаммедхан сөзи қатты жигит болып айтқанын орынлатпай қоймаймаған. Сол минези себепли күнлердиң биринде
Хорасанның Дурын аймағы ийеси және бир арабшахий төре
Мухаммедғазының адамларының бирин шаўып малын алдына салып кеткен. Будан ашыўланған
Мухаммедғазы султан менен
Дин Мухаммедхан арасында келиспеўшилик басланып соңында Дин Мухаммедхан Мухаммедғазы султанды өлтирген.
Нәтийжеде Хорезмдеги
арабшахий төрелер арасында жәнжел басланып кеткен, үлкедеги арабшахий төре бир-неше шаңарақлардан туратуғын еди, олардың бәри
Жәдигерхан урпақлары болған менен бөлек-бөлек топарлардан турған, бириншиси;
Елбарысхан ҳәм
Билбарыс Султан әўлады бирге отырған, екинши;
Аминекхан әўладлары бир шаңарақты қураған. Усы еки топар баслы тәреплер еди. Хорезм тахтын
Аминекхан әўладлары ийелеп турғаны ушын бул бәсекиде олардың қолы бәлент келген,
Елбарысхан ҳәм
Билбарыс Султан урпақлары әдеўир күшке ийе болғаны менен саўашта жеңилип
Султанғазыхан басшығында
Бухараға бас алып көшип кетеди. Бул ўақыялардың тийкарғы себепшиси болған
Дин Мухаммедхан өзи өлтирген Мухаммедғазы султанның мүлкин ийелеп алады.
Бираз ўақыттан соң Бухараға кеткен
арабшахий төрелер Мәўеренахрдағы төрелерди Хорезмге топылыс етиўге көндирип Бухара ханы
Убайдулла басшылығындағы ләшкер менен келип Хорезмди ийелеп алады, ал
Аўанишханды Елбарысхан урпағынан болған Султанғызы султаның улы
Омарғазы өлтиреди. Бул гезде Дин Мухаммедхан Хорасанда Дурында еди.
Мәўеренахр төрелери Хорезмде узақ турмай ондағы урыўларды 4 ке бөлип ҳәм мал-мүлклерди алып Мәўеренахрға қайтып кетти,
Хорезмде Убайдуллаханың улы
Абдулзиз хан болып қалды. Хорасанда турған
Дин Мухаммедхан жанына қашып келген
арабшахий төрелерди топлап Хорезмди қайтарып алыў ҳәрекетин баслайды. Хорезм тахтында отырған Абдузизхан
Бухараға қашып кетеди, ал
Убайдуллахан ләшкери Дин Мухаммедхан менен болған саўашта жеңиледи. Дин Мухаммедхан тутқынға түскен
Убайдуллаханың бийлерин өлтирмей, оларға тон кийдирип
Бухараға қайтарады, ҳәм Убайдуллаханнан
Хорезмнен алып кетилген
төрелерди ҳәм
урыўлары қайтарыўды соранады. Убайдуллахан буған келисим берип
Хорезмли төрелерди ҳәм урыўларды елине қайтарады.
Будан кейин Хорезмде Дин Мухаммедханның ағалары (әкесиниң инилери)
Қолхан менен
Ағатайлар избе-из хан болды, Дин Мухаммедхан ийелигине болса және жер-мүлк қосып берди. Олардың дәўиринде де тахттағы
Аминекхан әўладлары менен және бир
арабшахий шаңарағы болған
Абақхан әўладлары ортасындағы соқлығысыўлар менен өтти.
Бухараға кетип қалған Абақхан әўладлары Хорезмге келип атланыс етип отырған.
Дерек: Абулғазы Баҳадирханның "Шажарайи Турк" шығармасы
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer