#Тарийхый_тулғалар_өмири
Қарақалпақ Жәдид мектеби ўәкили Сейфулғәбит Мәжитов.
«ГАЗИТ БАСЫП, ТИЛ ШЫҒАРА БАСЛАДЫ»
Өзи татар миллетинен шыққан, сегиз жасар бала гезинен тағдир соқпақлары менен 1877-жылы Қоңыратқа келип қалған, (айырым мағлыўматларда Қоңыратта, Машанкѳл аўылында туўылған деп келтирилген) қарақалпақ жазыўын кең ен жайдырыў ушын жан күйдирген ағартыўшы, шайыр, педагог, журналист, редактор, илимпаз Сейфулғабит Мажитов.
Қарақалпақның Сейфулгабит - Оразы,
Аларның қәдрини билмес биразы,
Ташкеннен айналып келди кағазы,
Газийт басып, тил шыгара баслады.
(Аяпберген Муўса улы)
Сары ийшанда бес жыл оқып,
Танымадым қара хат,
Ис мектепте бир жыл окып,
Еркин жаздым салем хат.
Бул ағартыў мектеби ўәкили Сейфулғәбит Мәжитов тәрепинен шөлкемлестирилген жаңаша усылдағы мектепти питкерген жаслар хам егеделердиң қуўанышынан дөрелген халық қосығы.
Жадидшилердиң қызғын ағартыўшылық ҳәрекетлеринен руўхланған Сейфулғәбит Қоңыратта, Шымбайда, пүткил Қарақалпақстанда оқытыўға кирискени әллеқашан еди. Ол 1907-жылы Инаят болысқа
"Шымбайдың жери кең, суўы параўан,
Лекин билимнен жоқ ҳеш намыў-нышан,
Жигирма мың үй, жүз жигирма мың жан,
Бир мектеп жоқ оқып билим алмаға.
Ең аңсат жол - бул усылы жәдид" деп хат жазып, мектеп ашыўды сорайды, бирақ бул тилек жуўапсыз қалдырылды.
Соған қарамастан, 1920-жылларда 30 мүғәллимди таярлап, олар 250 оқыўшыны оқытып атыр еди. 1924-жылы Қарақалпақстан ҳүкиметиниң тапсырмасы менен араб жазыўына тийкарланған Әлипбе, Окыў китабы, Егеделер саўаты сабақлықларын 1925-жылы Ташкент қаласында баспадан шығарады. Оннан кейин Қарақалпақ тилиниң әддуди (грамматикасы), Қарақалпақ әдебиятының жыйынтығы сабақлықлар, латын жазыўы тийкарында Әлипбе, Окыў китабын баспадан шығарады.
1924-1928-жылларда жуўаплы хаткер сыпатында Еркин Қарақалпақстан газетасы шығарыла баслады, 1930-1936 жыллары Сейфулғәбит Мәжитов "Таң нуры" группасы ушын «Сабақ», «Соңғы селтең», «Жигит болдық», «Алпамыс», «Гүлим-Тайман», «Бағдагүл» драмалық шығармаларын жазады.
1937-жылы халық душпаны тамғасы менен қамалады ҳәм 1938-жылы Төрткүл түрмесинде қайтыс болады, барлық шығармалары тартып алынып, өртеп жибериледи. Тек Бағдагүл пьесасы сақланып қалынады. Кейин ала Гүлим-Тайман шығармасы табылады.
Оның пәк исми өлиминен соң ақланады.
Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов
«Таң жулдызлары"
(Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды. Қырықбай Байниязов көплеген мақалалар, брошюралар жәриялап, оны "Ағартыў карлығашы" деп атады.
С.Мажитов қарақалпақстанның ағартыў қарлығашы сыпатында халқымыз ядында мудамы сақланып қалады.
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer