ҚОЛЫМНАН КЕЛМЕДИ АЙЛАНЫЎ ТАСҚА
Сүйип едим, сени шын сүйип едим,
Әттеген- ай, ышқыңда күйип едим,
Бир өмирге ардақлап өтемен, деп,
Сен ўәдени басымнан үйип едиң.
Сол лебизиң самалға ушып кетти,
Таўдай шөгип руўҳым түсип кетти,
Сенсиз жасай алмайман деген ярым,
Меннен өзге жананды қушып кеттиң.
Кийлигип кимдур бизиң арамызға,
Салқынлық салды кеўил ханамызға,
Өзим жаққан отымда күйе бердим,
Жүректиң мәлҳам таппай жарасына .
Сениң менен кетсемдағы хошласып,
Үмит жиби турған яңлы ушласып,
Жүрегим арқаға тартып кетеди,
Нәзеримиз қалған ўақта дусласып.
Түсирсең де сәўги саўдасын басқа,
Көзимниң шанағын толтырып жасқа,
Сен қылғанға, мен қылдым деп санасып,
Қолымнан келмеди айланыў тасқа.
Ақшолпан Аманияз 27.01.2025 жыл
P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына
Сүйип едим, сени шын сүйип едим,
Әттеген- ай, ышқыңда күйип едим,
Бир өмирге ардақлап өтемен, деп,
Сен ўәдени басымнан үйип едиң.
Сол лебизиң самалға ушып кетти,
Таўдай шөгип руўҳым түсип кетти,
Сенсиз жасай алмайман деген ярым,
Меннен өзге жананды қушып кеттиң.
Кийлигип кимдур бизиң арамызға,
Салқынлық салды кеўил ханамызға,
Өзим жаққан отымда күйе бердим,
Жүректиң мәлҳам таппай жарасына .
Сениң менен кетсемдағы хошласып,
Үмит жиби турған яңлы ушласып,
Жүрегим арқаға тартып кетеди,
Нәзеримиз қалған ўақта дусласып.
Түсирсең де сәўги саўдасын басқа,
Көзимниң шанағын толтырып жасқа,
Сен қылғанға, мен қылдым деп санасып,
Қолымнан келмеди айланыў тасқа.
Ақшолпан Аманияз 27.01.2025 жыл
P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына