МИЙРИМ ЖОҒАЛСА
Атарға оғы болмай биреў- биреўди,
Еп көрмесе, жығылғанды сүйеўди,
Тайдырып үстини болған тиреўди,
Дүнья қаңырайды, мийрим жоғалса.
Ала аўызлықтың урқаны атып,
Жүреклер сиресер муз болып қатып,
Инсанларды қыңыр ислерге шатып,
Дүнья тараяды, мийрим жоғалса.
Өкпе- гийнелери шегине жетип,
Шайтан жолдан урса изине ертип,
Туўысқанлар ҳәтте жат болып кетип,
Дүнья тоз- тоз болар, мийрим жоғалса.
Нәпсиниң қулына айланып инсан,
Көрсетип зорлық ҳәм зомбылық мыңсан,
Өзимнен әззини деп турса, қырсам,
Дүнья ўайран болар, мийрим жоғалса.
Малынғаны менен гәўҳарыў- зерге,
Адамда болмаса, ақыл ҳәм зерде,
Айланар ақырып бир жыртқыш шерге,
Дүньядан бир шымдым, мийрим жоғалса.
Жаў нәзери менен әлемге бағып,
Бийгүнә жанларды жыландай шағып,
Өзмәмбетлер урыс отларын жағып,
Дүнья дал- дал болар, мийрим жоғалса.
Ақшолпан Аманияз 13.01.2025 жыл
Атарға оғы болмай биреў- биреўди,
Еп көрмесе, жығылғанды сүйеўди,
Тайдырып үстини болған тиреўди,
Дүнья қаңырайды, мийрим жоғалса.
Ала аўызлықтың урқаны атып,
Жүреклер сиресер муз болып қатып,
Инсанларды қыңыр ислерге шатып,
Дүнья тараяды, мийрим жоғалса.
Өкпе- гийнелери шегине жетип,
Шайтан жолдан урса изине ертип,
Туўысқанлар ҳәтте жат болып кетип,
Дүнья тоз- тоз болар, мийрим жоғалса.
Нәпсиниң қулына айланып инсан,
Көрсетип зорлық ҳәм зомбылық мыңсан,
Өзимнен әззини деп турса, қырсам,
Дүнья ўайран болар, мийрим жоғалса.
Малынғаны менен гәўҳарыў- зерге,
Адамда болмаса, ақыл ҳәм зерде,
Айланар ақырып бир жыртқыш шерге,
Дүньядан бир шымдым, мийрим жоғалса.
Жаў нәзери менен әлемге бағып,
Бийгүнә жанларды жыландай шағып,
Өзмәмбетлер урыс отларын жағып,
Дүнья дал- дал болар, мийрим жоғалса.
Ақшолпан Аманияз 13.01.2025 жыл