СЕН ЕЛЕССЕҢ...
Умытпадым мен сени умытпадым,
Билсемде мени қашшан умытқаның,
Қарсы алып ең изги нийет пенен,
Атыраман ҳәр күни үмит таңын.
Айналам дөнгенинде сары түске,
Бүгин сени ойладым алып еске,
Гүзги бағқа негедур, қыял таўлап,
Барғым келип бармай қол ҳасла иске.
Гүзги бағда турғандай мени тосып,
Қалмай изде, я, кетпей алға озып,
Түйилесең жанымда баратқандай ,
Мениң менен бирге тең аяқ қосып.
Сен елессең, сен елес, билесеңбе?
Жүрсем жалғыз қасыма келесеңде,
Жаўырнымнан қапсыра қушақлайсаң,
Сезгендей кеўлим барын еле сенде.
Өне бойым бийлеп бир татлы сезим,
Киятырман қуяштай күлип көзим,
Күйдиргендей қолыңның ыссы табы,
Қырмызыдай алаўлар еди жүзим.
Қоңыр гүз, болсада тар аяқ соқпақ,
Ентеледик алдыға... қәдем таслап,
Ийинлести елесиң қалмай меннен,
Бахытқа баратқандай бизди баслап.
Умытпадым мен сени умытпадым,
Билсемде мени анық умытқаның,
Ал, бүгин мен бир жасап қалғандайман,
Сайранлап өзиң менен үмит бағын.
Ақшолпан Аманияз
Умытпадым мен сени умытпадым,
Билсемде мени қашшан умытқаның,
Қарсы алып ең изги нийет пенен,
Атыраман ҳәр күни үмит таңын.
Айналам дөнгенинде сары түске,
Бүгин сени ойладым алып еске,
Гүзги бағқа негедур, қыял таўлап,
Барғым келип бармай қол ҳасла иске.
Гүзги бағда турғандай мени тосып,
Қалмай изде, я, кетпей алға озып,
Түйилесең жанымда баратқандай ,
Мениң менен бирге тең аяқ қосып.
Сен елессең, сен елес, билесеңбе?
Жүрсем жалғыз қасыма келесеңде,
Жаўырнымнан қапсыра қушақлайсаң,
Сезгендей кеўлим барын еле сенде.
Өне бойым бийлеп бир татлы сезим,
Киятырман қуяштай күлип көзим,
Күйдиргендей қолыңның ыссы табы,
Қырмызыдай алаўлар еди жүзим.
Қоңыр гүз, болсада тар аяқ соқпақ,
Ентеледик алдыға... қәдем таслап,
Ийинлести елесиң қалмай меннен,
Бахытқа баратқандай бизди баслап.
Умытпадым мен сени умытпадым,
Билсемде мени анық умытқаның,
Ал, бүгин мен бир жасап қалғандайман,
Сайранлап өзиң менен үмит бағын.
Ақшолпан Аманияз