КҮТЕ БЕРЕМЕН...
Кетсең де қол силтеп әлўидағ айтып,
Бир күни келер деп пикирден қайтып,
Ҳәр алған демим де, өзиңди жойтып,
Мен сени сүйиклим күте беремен.
Бул шарқы пәлек дым айланар тынбай,
Кеўлимниң дәптери, болса да шыжбай,
Мынаў кең әлемге мен сенсиз сыймай,
Мен сени сағынып күте беремен.
Үмиттиң жибине түссе де түйин,
Өзиңнен гүдерим үзиўим қыйын,
Әрман саңлағының сетип бир жүйин,
Мен сени интизар күте беремен.
Арзыўлар шырпынса қанатын қағып,
Қайтадан әўметим күлер деп бағып,
Ышқының отларын лаўлатып жағып,
Мен сени ынтығып күте беремен.
Ишимде дәртлерим жатса да толып,
Сырт көзге бахытлы инсандай болып,
Шөлиркеп сарғайған гүллердей солып,
Мен сени зибансыз күте беремен.
Тек жақсы нийетлер ете беремен,
Сүрникпей сынақтан өте беремен,
Сәўги атаўында торғайдай шырлап,
Мен сени дилгир боп күте беремен.
Ақшолпан Аманияз
Кетсең де қол силтеп әлўидағ айтып,
Бир күни келер деп пикирден қайтып,
Ҳәр алған демим де, өзиңди жойтып,
Мен сени сүйиклим күте беремен.
Бул шарқы пәлек дым айланар тынбай,
Кеўлимниң дәптери, болса да шыжбай,
Мынаў кең әлемге мен сенсиз сыймай,
Мен сени сағынып күте беремен.
Үмиттиң жибине түссе де түйин,
Өзиңнен гүдерим үзиўим қыйын,
Әрман саңлағының сетип бир жүйин,
Мен сени интизар күте беремен.
Арзыўлар шырпынса қанатын қағып,
Қайтадан әўметим күлер деп бағып,
Ышқының отларын лаўлатып жағып,
Мен сени ынтығып күте беремен.
Ишимде дәртлерим жатса да толып,
Сырт көзге бахытлы инсандай болып,
Шөлиркеп сарғайған гүллердей солып,
Мен сени зибансыз күте беремен.
Тек жақсы нийетлер ете беремен,
Сүрникпей сынақтан өте беремен,
Сәўги атаўында торғайдай шырлап,
Мен сени дилгир боп күте беремен.
Ақшолпан Аманияз